Психологиялық қоллап-қуўатлаў – жасырын талантларды оятыўшы күш

62

Ҳәзирги күнде санлы технологиялар раўажланған дәўирде билимлендириў системасына қойылған талап ҳәм стандартлар да қыйынласып бармақта. Енди мектеп ямаса жоқары билимлендириў мәкемесиниң ўазыйпасы тек билим бериў менен шекленип қалмастан, оқыўшының психологиялық жетиклигине, эмоционаллық турақлылығына, социаллық бейимлесиўине ҳәм руўхый саламатлығын тәмийинлеўге де итибар қаратпақта.

Раўажланған мәмлекетлерде оқыўшы шахс сыпатында орайға қойылады. Оның кейпияты, өзине болған исеними, өзин жәмийетте басқара алыў қәбилети билимлендириў процесиниң ажыралмас бөлегине айланған. Мәселен, дүньяның жетекши билимлендириў дәргайларынан болған Гарвард, Стандфорд, Глазго университетлеринде арнаўлы психологиялық қоллап-қуўатлаў ханалары, индивидуаллық мәсләҳәт системасы ҳәм оқыўшының руўхый жағдайын бақлаў әмелияты нәтийжели жолға қойылған. Бундай көзқарас тек ғана стрессти азайтыўда емес, ал оқыўшылардың ишки потенциалын ашыўда да әҳмийетли фактор болады.

Бүгинги жәмийетте социаллық-эмоционаллық билимлендириў айрықша бағдар сыпатында атап өтилип атырғаны бийкарға емес. Изертлеўлер соны көрсетеди, өз сезимлерин басқара алатуғын, руўхый турақлылыққа ийе болған, өз пикирин анық баянлай алатуғын, басқалар менен саламат қарым-қатнас жасай алатуғын шахс социаллық ҳәм кәсиплик жақтан тезирек табысқа ериседи. Буннан жуўмақ шығарыў мүмкин, билимлендириў системасында психологиялық қоллап-қуўатлаў шахс раўажланыўының ажыралмас қуралы.

Кейинги жылларда интернет ҳәм социаллық тармақлардың тәсири нәтийжесинде жаслар арасында өзин салыстырыў, басқалардың жетискенлигине артықша итибар бериў жағдайы кескин күшейди. Тармақларда көрсетилип атырған “жетискенлик үлгилери” көп жағдайларда “жасалма” болса да, жас сана бул көринислерди реал турмыс сыпатында қабыл етеди. Нәтийжеде еле жолды басламай турып, өзиниң имканиятларын сынап көрмей турып, өзин сәтсиз, артта қалған, ҳеш нәрсеге жарамайтуғын инсан сыпатында қабыл етеди. Бул болса шахстың руўхый жағдайына тиккелей унамсыз тәсир көрсетеди.

Сол себепли, раўажланған мәмлекетлерде билимлендириў мәкемелери психологиялық хызметти тийкарғы бағдарлардан бирине айландырған. Психологлар оқыўшылар менен турақлы сәўбетлер алып барады, стрессти азайтыў бойынша тренинглер шөлкемлестиреди, оқыўшыны өзин-өзи аңлаў, өз қәбилетин анықлаў ҳәм мақсетли бағдарлаўға жәрдем береди. Әсиресе, жаслар арасында кең тарқалған өзине исенбеўшилик, социаллық қорқыў, сәтсизликтен қорқыў сыяқлы машқалаларды сапластырыўда психология пәниниң орны шексиз.

Мәмлекетимизде де орта ҳәм жоқары оқыў орынларында оқыўшылар ушын психологиялық хызметлер енгизилген. Ҳәзирги ўақытта психологлар оқыўшыларды тек ғана эмоционаллық қоллап-қуўатлаў емес, ал олардың кәсипке бағдарланыўы, олардың жеке раўажланыўы ҳәм социаллық бейимлесиўи бойынша да жумыс алып бармақта.

Билимлендириў процесин социаллық-эмоционаллық көнликпелерге тийкарлап дүзиў тек ғана жетекшилик қәбилетине ийе жасларда емес, ал басқаларда да жасырын талантларды ашыўға жәрдем береди. Себеби көп жағдайларда таланттың ашылмай қалыўына билим жетиспеўшилиги емес, ал қорқыў, өзине салыстырғанда төмен баҳа, қәте ислеўден уялыў сыяқлы психологиялық тосқынлықлар себеп болады. Руўхый турақлылық болса дөретиўшиликтиң баслы гилти болып есапланады.

Және бир әҳмийетли тәрепи, жәмийеттиң ертеңги күни бүгинги жаслардың қолында. Олар тек ғана академиялық билимлер менен емес, ал руўхый жақтан саламат, социаллық басымларға қарсы тура алатуғын, өз жолын табыўға уқыплы инсанлар сыпатында камалға келиўи әҳмийетли. Бул болса оқытыўшы, психолог, ата-ана ҳәм жәмийеттиң улыўма бирге ислесиўи нәтийжесинде әмелге асады.

Жуўмақлап айтқанда, заманагөй билимлендириў системасының табысы оқыўшылардың руўхый жағдайын қаншелли итибарға алыўы менен тығыз байланыслы. Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси соны көрсетеди, психологиялық қоллап-қуўатлаў системасы күшли болған мәкемелерде оқыўшылардың билимге болған қызығыўшылығы жоқары, стресс дәрежеси төмен ҳәм мотивация турақлы болады. Социаллық-емоционал билимлендириўди системалы жолға қойыў болса жаслардың жасырын имканиятларын ашыўға, оларды ертеңги күнниң бәсекиге шыдамлы қәнигесине айландырыўға хызмет етеди.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзАның хабаршысы