Төртинши рет баспадан шыққан китаплар

39

Китап жаңалығы

Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың «Ашық болмаған ким бар» романы, «Ақшагүл» повести қайта баспадан шықты. Сондай-ақ, екинши жер жүзилик урыс дәўиринде бир азаматтың басынан өткен қыйыншылықлар, жүз берген ўақыялар сәўлегенген жаңа «Қайтыў» повести жарық көрди.

М.Нызановтың усы күнге шекем 20 дан аслам китаплары баспадан шыққан.

Автордың «Ашық болмаған ким бар» романында Исмайыл менен Ханзаданың пүткил өмир бойы бир-бирин сүйиўи, ҳәттеки, еки ашықтың бири дүньядан өтсе де сөнбеген муҳаббаты исенимли ўақыялар менен сәўлеленеди. Шығарма қарақалпақ, өзбек тиллеринде бир неше мәрте жәрияланса да оның ықласбентлери барған сайын артып бармақта. Бул басылым да көп санлы китап оқыўшыларының сораўлары бойынша төртинши рет баспадан шықты.

«Ақшагүл» автордың реалистлик шығармаларының бири болып, өткен жыллар даўамында бул шығарма қарақалпақ, өзбек тиллеринде бир неше мәрте қайта баспадан шығарылған. 2019-жылы татар тилинде жарық көрди. Жақын ўақытларда түрк тилинде жарық көриўи күтилмекте. Бул китап та төртинши рет баспа жүзин көрмекте.

Екинши жер жүзилик урыс ҳаққында жүдә көп шығармалар жазылған. Автордың жаңа китабы – «Қайтыў» повестинде сол саўаш себепли өз елинен, сүйикли ярынан айырылған, әсиресе, жазықсыз «сатқын» атын көтериўге мәжбүр болған бир азаматтың ўатан сағынышы терең драматизм менен сәўлеленеди.

Бул китаплар сизиң сүйикли шығармаларыңызға айланады, деп ойлаймыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги