“Пуқаралық жәмийети-2030: жәмийетлик реформалар даўам етпекте

47

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 26-августтағы “Пуқаралық жəмийети институтларын мəмлекет тəрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жəне де жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пəрманында ҳəр жылы “Пуқаралық жəмийети ҳəптелиги”н өткериў нәзерде тутылған.

Мақсет – Өзбекстанда еркин пуқаралық жəмийетин қəлиплестириў бойынша əмелге асырылып атырылған кең көлемли реформаларды миллий ҳəм халықаралық жəмийетшиликке жеткериў, мәмлекетимизде пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың келешегин талқылаў, сондай-ақ, олардың мәмлектимиздиң раўажланыўы жолында алып барып атырған жумыслары  бойынша усынысларды ислеп шығыўдан ибарат.

Нөкис қаласында “Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги” шеңбериндеги пуқаралық жәмийети институтлары менен ашық пикирлесиў, жәмийетлик додалаў илажлары болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, Олий Мажлис жанындағы Жәмийетлик фондтың бөлим баслығы З.Ибрагимова, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Э.Турсунов, Олий Мажлис жанындағы Жәмийетлик фондтың Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы П.Турдымуратов, Жоқарғы Кеңес депутатлары, министрликлер менен мәкемелер, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды “Юксалиш” ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Т.Романов ашты ҳәм алып барды.

Пуқаралық жәмийети институтлары (Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер) мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды барлық тараўларда және де жеделлестириў, халықты социаллық қорғаў, денсаўлықты беккемлеў, экологиялық машқалаларды жеделлик пенен сапластырыў, жас әўладты бәркамал етип тәрбиялаў және пуқаралардың медициналық, ҳуқықый билимлерин арттырыў ҳәм басқа да бир қатар ийгиликли жумысларда белсене қатнаспақта.

“Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги”  реформалар процесслериниң барлық қатнасыўшылары ушын конструктив сәўбетлесиў-пикирлесиў майданы болып, олардың жумысларын бирлестириўге, Өзбекстанда пуқаралық жәмийетин және де раўажландырыў бойынша усыныслар ислеп шығыўға хызмет етеди.

Илажда шығып сөйлегенлер ҳәм баянатшы спикерлер тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалар барысында пуқаралық жәмийети институтларының жумысларын және де раўажландырыў, жетилистириўде тараўда исленип атырылған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди. 2021-2025-жылларға мөлшерленген пуқаралық жәмийетин раўажландырыў Концепциясының нәтийжелери ҳәм 2026-2030-жылларда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў Концепциясына усыныслар киргизиў бойынша пикир алысты.

Атап өтилгениндей, 2021-2025-жылларға мөлшерленген пуқаралық жәмийетин раўажландырыў Концепциясына тийкарланып Нөкис қаласында  “Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер үйи” шөлкемлестирилди. Оған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери орналастырылып, материаллық-техникалық жағдайлары жақсыланды. Сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери  ушын мәлимлеме-ресурс орайы шөлкемлестирилди. Олардың басшыларын Мәмлекетлик басқарыў академиясында қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў курслары шөлкемлестирилди. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын мәмлекет тәрепинен субсидиялар, грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар түринде қоллап-қуўатлаў көлеми арттырылды.

Сондай-ақ, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде ҳәр жылы қабыл етилетуғын мәмлекетлик бағдарламада белгиленген илажлардың орынланыўы бойынша пуқаралық жәмийети институтлары тәрепинен жәмийетлик қадағалаў, яғный  жәмийетлик мониторинглер ҳәм жәмийетлик еситиўлер, тыңлаўлар алып барылмақта.

– Кейинги жылларда әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықый кепилликлерин тәмийинлейтуғын, заманагөй демократиялық талапларға ҳәм халықаралық стандартларға жуўап беретуғын нормативлик-ҳуқықый база жаратылды. Соның ишинде, бул бағдарда 20 дан аслам Нызам, Президент ҳүжжетлери ҳәм Ҳүкимет қарарлары қабыл етилди, – дейди Т.Романов.

Ҳақыйқаттанда, Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў, оның институтларын мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы орны менен әҳмийетин түп-тийкарынан арттырыў тараўында шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарлар ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлери жетилистирилди.

Жаңа Өзбекстан шараятында пуқаралық жәмийети институтларының  ролин күшейтиў, мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған “2026-2030-жылларда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясы” жойбары ислеп шығылмақта.

Өзбекстанда 2026-2030-жылларда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясы жойбары мәмлекетте пуқаралық жәмийети институтларының ролин күшейтиў, мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, сондай-ақ, пуқаралардың жәмийетлик турмыстағы қатнасын кеңейтиўге қаратылған.

Консепция жойбары “жоқарыдан төменге” емес, ал “төменнен жоқарыға” принципи тийкарында, тиккелей орынлардағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, жәмийетлик белсендилер, экспертлер ҳәм пуқаралардың усынысларын улыўмаластырған ҳалда қәлиплестириўди нәзерде тутады.

Илажда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, Мәмлекетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў меморандумы қабыл етилди ҳәм “Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги” Форумның Республикалық басқышында қатнасыў ушын делегатларды сайланды.

Илаж даўамында қатнасыӯшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги