Ўатан байрағына ҳүрмет – келешек әўладқа ибрат

“Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен Нөкис гарнизонындағы Мобилизациялық шақырыў резерви батальонында 18-ноябрь – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилген сәнеге бағышланған “Бир Ўатан, бир ел, бир байрақ!” сүрени астында руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ольга Ниязова қатнасып, мәмлекетлик байрақтың тарийхый әҳмийети, оның елимиз турмысындағы орны ҳәм жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдағы роли ҳаққында өз пикирлерин билдирди.
Сондай-ақ, илаж даўамында белсене қатнасқан әскерий хызметкерлер ҳәм жаслар айрықша атап өтилип, оларға миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Әлбетте, бундай илажлар ѳз гезегинде жасларды Ўатанға садықлық, мәмлекетлик белгилерге еле де ҳүрмет руўхында хызмет етиўге ийтермелейди.




Илаж даўамында атқарылған музыкалық бағдарламалар, жыйналғанларға байрам кейпиятын инам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги