Ташкентли профессор-оқытыўшылар өзлериниң ис тәжирийбеси менен бөлиспекте

64

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ректоры, профессор Нодирбек Сайфуллаев басшылығындағы профессор-оқытыўшылар институттың Нөкис филиалына хызмет сапары менен келди.

Мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри А.Аяпов, филиал директоры ўазыйпасын атқарыўшы Қ.Юсупов, профессор-оқытыўшылар ағзалары жыллы жүзлилик пенен күтип алды.

Илажда филиалдың оқыў процесиниң сапасы, руўхый-ағартыўшылық жумыслардың социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм илимий потенциалды буннан былай да жетилистириў кереклиги,  жасларды Ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаў, олардың интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын раўажландырыў, илим ҳәм көркем өнерге бағдарлаў бойынша ҳәр қыйлы жойбарлар менен басламаларды жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Өткерилген илаж даўамында Н.Сайфуллаев филиалдың профессор-оқытыўшылары менен де оқыў орнында оқыў-методикалық ҳәм дуал билимлендириў бағдарламасын жолға қойыў, руўхый-ағартыўшылық, илимий-дөретиўшилик жумысларды буннан былай да жеделлестириў, халықаралық бирге ислесиў жумыслары, сондай-ақ, питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша өз-ара пикирлесип, келешекте биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.

Ушырасыў соңында халық дөретиўшилиги кафедрасы оқытыўшысы З.Юлдашева ҳәм китапхана жумысы кафедрасы оқытыўшысы Д.Айтимоваларға Жоқары аттестация комиссиясының доцент дипломлари тапсырылып, олардың илимий жумысларында табыслар тиледи.

Ҳәзирги ўақытта ташкентли профессор-оқытыўшылар филиал студент-жасларын методикалық қоллап-қуўатлаў мақсетинде шеберлик сабақларын өтпекте. Әлбетте, бундай өз-ара пикирлесиў ҳәм шеберлик сабақлары филиал профессор-оқытыўшылары педагогикалық ис тәжирийбесиниң артыўы, студент-жасларының билимлериниң жоқарылыўына өзиниң пайдасын тийгизеди деп ойлаймыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы