Кибержынаятлар ушын жаза түрлери аўырластырылады

Ҳуқықый мүнәсибет
Бүгинги күнде кибержынаятшылық дүньядағы ең аўыр қәўиплерден бири болып қалмақта. Елимизде дизимге алынған жынаятлардың 42 проценти әйне кибержынаятқа байланыслы екени ашынарлы, әлбетте. Бул жағдай болса усы түрдеги жынаятларға қарсы гүресиў бойынша кадрлар таярлаўды кеңейтиў ҳәм инфраструктураны раўажландырыўды талап етеди.
Кибержынаятшылықтың алдын алыў бойынша алып барылып атырған реформалар ҳаққында Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң оқытыўшысы Сабоҳат Абдуллаева төмендегилерди мәлим етти.
– Өзбекстанда кибержынаят, соның ишинде, мәлимлеме технологиялары арқалы жүз беретуғын жынаятларға қарсы гүресиў жумысын күшейтиў мақсетинде әҳмийетли қарар қабыл етилди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 30-апрельдеги “Мәлимлеме технологиялары жәрдеминде жүз берилетуғын жынаятларға қарсы гүресиў жумысын буннан былай да күшейтиўге қаратылған илажлар ҳаққында”ғы қарары бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўды нәзерде тутады.
Қарарға муўапық, Ишки ислер министрлиги кибержынаятларға қарсы гүресиў тараўында жуўапкер ҳәм ўәкилликли уйым етип белгиленди. Соның менен бирге, мәмлекетлик уйымлар, банклер, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлерине киберқәўипсизликти тәмийинлеў және халық арасында кибермәдениятты арттырыў бойынша анық миннетлемелер жүкленди.
Қарарда төмендеги тийкарғы ўазыйпалар белгиленди. Соның ишинде, кибержынаятлардың алдын алыў бойынша бирден-бир әмелий системаны жолға қойыў, “Мәлимлеме технологияларынан пайдаланып жүз берип атырған жынаятларға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы нызам жойбарын ислеп шығыў, мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына әмел етпегени ушын жуўапкершиликти күшейтиў және банклер ҳәм төлем шөлкемлериндеги киберқорғаў системаларын интеграциялаў ҳәм антифрод системасын енгизиў сыяқлылар киреди.
Сондай-ақ, қарарға бола, ҳәр айдың жуўмағында киберқәўипсизликте әззиликлерге жол қойған банклер ҳәм төлем шөлкемлериниң дизими жәмийетшиликке жәрияланады. Бул система арқалы пуқаралар өз қаржыларының қәўипсизлигин баҳалаў имканиятына ийе болады.
Қарардағы және бир әҳмийетли тәрепи сонда, “Кибермәдениятты раўажландырыў айлығы”н енгизиў, яғный ҳәр жылы ноябрь айында мәмлекет көлеминде халық арасында мәлимлеме қәўипсизлиги мәдениятын арттырыўға қаратылған үгит-нәсиятлаў бағдарламалары әмелге асырылады.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, бул қарар тек ғана жынаятларға қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырып қоймастан, ал халықтың санлы саўатлылығы ҳәм кибергигиена дәрежесин де жоқарылатыўға хызмет етеди.
Гулноза Бобоева, ӨзА