Европа бойлап “18+ тексериўи”: Қайсы мәмлекетлер шеклеў енгизди?

72

Европада балаларды интернеттеги зыянлы контенттен қорғаў мақсетинде көрилип атырған кескин илажлар күшеймекте. Италия жақында әдепсиз сайтлар ушын мәжбүрий жас шеклеў системасын енгизди.

Енди пайдаланыўшылар ҳәр сапар 18 жастан асқанын тастыйықлайтуғын ҳүкимет ID ҳүжжетин үшинши тәреп хызмети арқалы жүклеўи керек. Бул ески континентте санлы қәўипсизлик бойынша әҳмийетли реформалардан бири болып есапланады.

Франция да усы бағдарда әҳмийетли қарарлар қабыл еткен. Нызамсыз сайтларға 18 жастан киши өспиримлерди киргизген провайдерлер жүз мыңлаған евро жәриймаға тартылыўы, сайт жабылыўы ҳәм ҳәттеки жынайый жуўапкершиликке тартылыўы сыяқлы жазаларға ушырайды. Соған қарамастан, айырым тексериў хызметлери мағлыўматты басқа компанияларға жеткерип берип атырғаны ямаса аңсат айланып өтиўи мүмкин екени анықланған.

Испания болса зәрүр контентти фильтрлейтуғын ҳәм жасты анықлайтуғын санлы идентификация системасын енгизбекте. Миллий полиция тәрепинен ислеп шығылған жаңа қосымша реал ўақыт режиминде жасты тексереди. Соған қарамастан, мәмлекеттиң кеңирек санлы идентификация жойбары ҳәзирше мағлыўматларды қорғаў қағыйдасы себепли тоқтатылған.

ГФР тек ғана “Мен 18 жастаман” деген тастыйықлаўды қабыл етпей атыр. Мәмлекетте санлы идентификация, ата-ана тәрепинен басқарылатуғын фильтрлеў системасы ҳәм ҳәр бир платформада жасларды қорғаў бойынша жуўапкер офицер болыўы талап етиледи. Судлар айырым сайтларды балалар қәўипсизлиги менен байланыслы талапты қастан бузғанлықта айыплап, оларды кескин сынға алған.

Европа Аўқамы болса ҳәзир бирден-бир, жекеликти тәмийинлейтуғын ҳәм жеке мағлыўматты жәрияламастан жасты тастыйықлай алатуғын улыўмалық система үстинде ислеп атыр. Бул механизм барлық мәмлекетлерде 2026-жылдың ақырына шекем енгизилиўи режелестирилген. Сол тәризде Европа интернетте жас өспиримлерди қорғаў бойынша улыўмалық, қатаң ҳәм интеграцияласқан сиясатқа қарай қәдем тасламақта.

 

Мусулмон Зиё, ӨзА