Бүгин елимизде билим алып атырған студентлер 1,5 миллионнан асты

17-ноябрь – Халықаралық студентлер күни
Мәмлекетимизде кейинги жыллары жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў, жаслар ушын кең имканият ҳәм зәрүр шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды. Нәтийжеде жоқары оқыў орынларының қамтып алыныўы кеңейип, жәҳән стандартларына мүнәсип билимлендириў процесслери қәлиплести.
Елимизде ЖООлардың саны 8 жыл ишинде 77 ден 205 ке жетти (101 мәмлекетлик, 31 сырт ел ҳәм 73 мәмлекетлик емес). Студентлер саны 2017-жылдағы 279 мыңнан бүгинги күнде 1,5 миллионнан асты. Бул – мәмлекет халқының дерлик 4 процентин қурайды. Студентлер республикамыздағы 205 жоқары билимлендириў мәкемесинде билим алмақта.
Сондай-ақ, Өзбекстан ЖООларында 16 597 сырт елли студент билим алмақта, олардың 11 мыңнан асламы медицина бағдарында оқымақта.
Бүгин, 17-ноябрь – Халықаралық студентлер күни.
Еслетип өтемиз, бул күн 1946-жылдан берли кеңнен белгиленип басланған. Байрам чехиялы ўатансүйгиш студентлериниң естелигине бағышланып енгизилген. 1946-жыл 17- ноябрь куни Прага қаласында пүткил дүнья студентлер конгресинде тастыйықланған.
А.РУСТАМОВ, ӨзА