Түркменстан министри: Қоспа жойбарлар халықларымызды жақынластырмақта

85

Түркменстан мәденият министри Отагелди Шомуродов бүгинги глобалласыў шараятында мәденият тек ғана халықтың руўхый мийрасы емес, ал мәмлекетлер арасындағы дослық ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўши ең күшли қурал екени, мәмлекетлеримиз арасындағы мәдений байланыслардың жедел раўажланыўы мине усы принциплерге сүйенетуғынын атап өтти. Сондай-ақ, мәмлекетлеримиз басшылары арасындағы дослық қарым-қатнас, жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ҳәм стратегиялық көзқараслар мәдений бирге ислесиўдиң беккем тийкарын жаратқанына итибар қаратты. Әйне сиясий исеним мәденият тараўындағы биргеликтеги басламалардың кеңейиўине күшли түртки бермекте.

– Бүгинги күнде дөретиўшилик алмасыў бағдарламалары, концерт, спектакль, көргизбе, әдебий ушырасыў ҳәм мәденият күнлери еки халықты жақынластыратуғын ең нәтийжели платформаларға айланған, – дейди рәсмий. – Бул илажлар тек ғана рәсмий шеңберде емес, ал кең жәмийетшилик тәрепинен де қызғын күтип алынбақта. Өзбекстан ҳәм Түркменстанда шөлкемлестирилип атырған мәденият күнлери жас әўладта миллий көркем өнерге ҳүрмет сезимин қәлиплестирип, дөретиўшилер арасындағы устаз-шәкирт дәстүрин жаңа басқышқа алып шықпақта. Халықаралық форумлар болса регионлық мәдений дипломатияны раўажландырыўға салмақлы үлес қоспақта. Әсиресе, биргеликтеги жойбарлар кең жәмийетшилик ушын өзине тән ўақыяға айланып, дослығымыз беккемлигинен дерек бермекте. Мәденият тек өтмишти сақлаў емес, ал келешекти де жаратыў. Демек, мәдений жақынлығымыз бүгин беккем, ертең және де кең көлемли болатуғынына исенемиз. Бизиң ўазыйпамыз – усы аўызбиршиликти избе-из даўам еттириў.

Мусулмон Зиё, ӨзА