Тәжикстан министри: Өзбекстан – көркем өнер ҳәм мийрастың регионаллық пайтахты

Тәжикстан Республикасы мәденият министри Матлубахон Амонзода соңғы жыллары мәмлекетлеримиз арасындағы мәдений бирге ислесиў мисли көрилмеген дәрежеде жеделлескени, бул процесс еки мәмлекет басшыларының ақылға уғрас сиясаты, өз-ара ҳүрмет ҳәм тарийхый жақынлыққа садықлығы нәтийжеси екенин атап өтти:
– Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламалары региондағы мәдений алмасыўды жаңа басқышқа алып шықты. “Шарқ тароналари”, “Халықаралық мақам көркем өнери фестивалы” сыяқлы ири әнжуманлар халықаралық дәрежеде барған сайын кең итибарға ийе болып, жас әўладтың миллий көркем өнерге қызығыўшылығын күшейтпекте. Өзбек мақамы, классикалық әдебияты ҳәм аўызеки дөретиўшилиги регион мәдений ғәзийнесиниң бийбаҳа байлығы болып есапланады. Тәжик ҳәм өзбек халықлары музыкасы арасындағы үнлеслик, ырғақтағы жақынлық тарийхый тамырларымыз бирлигиниң айқын дәлили.
Амонзода мақомның руўхый ҳәм мәнаўий әҳмийетине айрықша тоқтап өтип, бул көркем өнерди халықтың тарийхы, кеўил кеширмеси ҳәм өмир философиясының нәзик сәўлелениўи сыпатында баҳалады:
Бүгинги күнде көркем өнер шеберлеримиз, дөретиўшилик жәмәәтлеримиз арасында жедел сөйлесиў жолға қойылған. Биргеликтеги жойбарлар, театр ҳәптеликлери, мәденият күнлери еки халық дослығын беккемлеп, мәдений сөйлесиўге жаңа пәт бағышламақта. Мәмлекетиңизде мәденият тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, миллий мийрасты қәстерлеп сақлаў ҳәм дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў жолындағы ис-ҳәрекетлер мақтаўға ылайық. Улыўма, мәденият халықларды бирлестиретуғын ең қүдиретли көпир болып есапланады. Өзбекстан бул көпирди жаңаша руўх, заманагөй қатнас пенен қурмақта. Бул болса пүткил регионымыздың руўхый раўажланыўына хызмет етпекте.
Муслим Зиё, ӨзА