Аякөз жәҳән кубогиниң гүмис медалын қолға киргизди

Ташкент қаласында қылышласыў спортының сабля түри бойынша жаслар арасында Жәҳән кубоги болып өтти.
Онда жекпе-жек беллесиўлерде 89 спортшы жарыс жеңимпазлығы ушын өз-ара беллесиўлерге түсти. Қуўанышлы тәрепи сонда, бул беллесиўлерде Өзбекстан сайланды командасы ағзасы, жерлесимиз Аякөз Жумамуратова өзиниң шеберлиги ҳәм әжайып техникасы менен көпшиликти таң қалдырып, жарыстың финалына шекем жетип келди.

Кубоктиң финал беллесиўи болса нейтрал байрақ астында шыққан Карина Талладаға қарсы оғада қызықлы өтип, спортшылар ҳәр бир упай ушын кескин түрде гүрес жүргизди ҳәм беллесиў 15:14 есабында жуўмақланды.
Солай етип, бул жарыста жерлесимиз екинши орын менен шеклениўге мәжбүр болды ҳәм жәҳән кубогиниң гүмис медалы ийесине айланды.
Спортшымыздың ерискен бул үлкен табысы менен қутлықлап, алдағы жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисиўине тилеклеслик билдирип қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы