ҚМУ жәмәәти де “Жасыл мәкан” илажларына белсене қатнасты

38

Бәршемизге мәлим соңғы жылларда елимизде көклемзарластырыў, терек нәллерин отырғызыў, оларды қорғаў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жәмәәти ҳәм студент-жаслары да республикамыз бойлап кең көлемде әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажларға белсенди қатнаспақта.

Усы баслама шеңберинде университет жәмәәти тәрепинен қаламыздың Телеорай мәкан пуқаралар жыйыны аймағында белгиленген майданларда көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды.

“Жасыл мәкан” жойбарының тийкарғы мақсети – қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, елимиздиң қала ҳәм аўылларында жасыл майданларды кеңейтиў арқалы халық ушын қолайлы экологиялық орталық жаратыў болып есапланады.

Бул илаж инсан ҳәм тәбият арасындағы үнлесликти беккемлеў, жас әўладта экологиялық мәдениятты қәлиплестириў, тәбиятқа меҳир ҳәм жуўапкершиликти арттырыўға хызмет етеди.

«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажлар факультетлерде де өткерилди.

Усы тийкарда факультетлер өзлерине бириктирилген орынларға терек нәллерин отырғызыў, көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барды.

Сондай-ақ, жойбар шеңберинде атызларды тазалаў, тереклердиң түплерин жумсартыў, жерлерди аўдарыў ҳәм тереклерге суў қуйыў жумыслары алып барылды.

Университет жәмәәти тәрепинен бундай басламаларды турақлы даўам еттириў, тәбиятты қорғаў бойынша әмелий жумыслар избе-из даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги