Миллий саз-әсбаплар устасын еске алып…

84

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, педагог, миллий саз әсбапларының устасы ҳәм сазенде Азатбай Отарбаевтың 65 жыллық юбилейине бағышланған еслеў кешеси болып өтти.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң биринши орынбасары Б.Аллаков ҳәм театр директоры П.Мамутов шығып сөйлеп, устаздың мазмунлы өмир жолы, дөретиўшилик изленислери ҳәм мәденияттың раўажланыўына қосқан үлкен үлеслери ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Атап өтилгениндей, Азатбай Отарбаев қарақалпақ мәденияты, музыка ҳәм көркем өнериниң белгили тулғасы болып, миллий саз әсбапларымыздың анық көринисинде бүгинги күнге шекем жетип келиўинде үлкен хызмети сиңген устаз. Ол өзиниң пидайылығы, шеберлиги ҳәм ырғақлары менен көплеген шәкиртлердиң қәлбинде из қалдырған. Оның жыллар даўамында дөреткен нама-қосықлары, көркем өнерге болған садықлығы ҳәм устазлық мектеби бүгин де даўам етип, жас әўлад ушын айқын үлги болып хызмет етпекте.

– Қарақалпақ халқының ески саз әсбапларын қайта тиклеўде А.Отарбаев жемисли жумыс иследи. Устаның өмири – бул излениў, пидайылық ҳәм шын кеўилден шыққан көркем өнердиң айқын үлгиси, – дейди Өзбекстан халық бақсысы Ғайрат Өтемуратов. – Бүгинги илаж оның 65 жыллық мийнет жолына болған ҳүрмет-иззеттиң айқын көриниси болып есапланады.

Еслеў кешеси даўамында Азатбай Отарбаевтың көркем өнерге қосқан үлеси және бир мәрте қәдирлеп еске алынды. Еслеў кешесинде театр ансамбли, халқымызға белгили артистлер тәрепинен оның дөретпелери атқарылды.

–  Бүгинги кеше – еслеў ҳәм ҳүрметтиң жоқары үлгиси болды, – дейди перзенти Данияр Отарбаев. – Биз перзентлери илажды шөлкемлестирген инсанларға айрықша миннетдаршылығымызды билдиремиз. Оның мийнет жолын жас әўладқа үгит-нәсиятлаў, жумысын даўам еттириў илажлары ҳүкиметимиз тәрепинен қолға алынып, халқымыздың бай мийрасын және де қәстерлеп сақлаўға, раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Республикамыздағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде А.Отарбаевтың избасарларын тәрбиялаў, устаздың мектебин жаратыў ҳәм кең көлемли үгит-нәсиятлаўға қаратылған әмелий илажлар әмелге асырылмақта. Тийкарғы мақсет – белгили көркем өнер ғайраткерине мүнәсип мийрасхорларды жетистириўден ибарат. А.Отарбаевтың ибратлы өмири ҳәм мийнет жолына бағышланған ҳүжжетли фильм қатнасыўшылардың итибарына усынылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги