Төрт аўылға суў алып барыўшы каналды тазалаў басланды

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен алыс аймақлардың суў тәмийнатын жақсылаў бойынша берилген көрсетпелердиң орынланыўы бойынша “МР-1” ҳәм “МР-2” каналларын ылайдан тазалаў жумыслары баслап жиберилди.
Төрткүл районы ҳәкими И.Худайбергенов аймақ турғынлары ҳәм фермерлер менен ушырасып, район ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен “МР-1” ҳәм “МР-2” каналларын ылайдан тазалаў жумыслары басланғанын, Жамбасқала, Пахта абат, Көкше, Қумбасқан аўылларындағы жәми 10 мың 200 гектардан аслам жердиң суў тәмийнаты жақсыланатуғынын атап өтти.



Гүзги-қысқы илажлар шеңберинде каналларды тазалаўға 307 млн. сум ақшалай қаржы ажыратылды. Ҳәзирги ўақытта суў хожалығы министрлиги тәрепинен 4 ҳәм районнан 2 экскаватор тартылып, каналлар ылайдан тазаланбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги