Экспорт потенциалына ийе кәрхана жумыслары үйренилди

61

Әмиўдәрья районында жайласқан “Нукус Дилиша” ЖШЖ кәрханасы тәрепинен бүгинги күнде исбилерменлик субъектлерине жаратылып атырған шараятлардан утымлы пайдаланылмақта. Онда 31 пуқара ушын жаңа жумыс орынлары ашылған.

Кәрхана ушын ун ислеп шығарыў жойбары бойынша 17,1 млрд. сумлық сырт ел инвестициялары тартылған болып, жылына 10 мың тонна ун өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

Бажыхана басқармасының жуўапкер хызметкерлери тәрепинен “бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режиминиң абзаллықлары түсиндирилиўи нәтийжесинде, бүгинги күнде кәрхана бийдай өнимлерин алып келип қайта ислеў жумысларын әмелге асырмақта.

Усы күнге шекем баҳасы 210 мың АҚШ долларлық 980 тонна бийдай өнимлери “Бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режимине рәсмийлестирилип экспортқа бағдарланыўы режелестирилген.

Бажыхана басқармасының жуўапкер хызметкерлери жойбардың әмелге асырылыў процесслерин орнына шыққан ҳалда үйренди. Ушырасыў даўамында жуўапкерлер кәрхана ўәкиллери менен сөйлесиў өткерип, кәрхананың өндирис процесслерин жетилистириў, сондай-ақ, таяр өнимлерди экспорт етиўде “Экспорт 3-адым” бағдарламасынан нәтийжели пайдаланыў усыныс етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги