Өзбекстанның туристлик потенциалы таныстырылды

61

Оман Султанлығы “AlSaqafiya (“Мәденият”) телеканалында елимиздиң туристлик потенциалына бағышланған көрсетиў эфирге берилди. Бағдарламаның басында тамашагөйлерге Ўатанымыздың географиялық жайласыўы, өтмиши, тәбияты, қәдириятлары, халқы ҳаққында презентация көрсетилди. Тийкарғы итибар әййемги қалалар, халқымыздың көп әсирлик тарийхы, үрп-әдетлери, архитектуралық жетискенликлери ҳәм турмыс тәризи ҳаққында баҳалы мағлыўматлар беретуғын естеликлерге қаратылды.

Өзбекстанда туризмди раўажландырыў, инфраструктураны жетилистириў ҳәм модернизациялаў, мийманларға хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў ҳәм қолайлы шараят жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Баслаўшы узақ тарийхқа ийе, халқымыздың көп жыллық тәжирийбесине тийкарланған миллий тағамларымыздың таярланыўы ҳәм аўқатланыў мәдениятына тоқтап өтип, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер аймақтың ықлым шараяты, жергиликли халықтың турмыс тәризинен келип шыққанына итибар қаратты.

Шебер сүўретши тәрепинен сорпа, лағман, манты, өзбек кебабы, дәстүрий тағам – палаў писириў процеси ҳаққындағы көринис тамашагөйлерге унады. 2016-жылы палаў таярлаў мәденияты ҳәм дәстүрлери ЮНЕСКОның Материаллық емес мәдений мийрасы дизимине киргизилгени атап өтилген.

 

Муҳаррама Пирматова,

ӨзА