Елатлы пунктлер абаданласып, жасыл мәкан кеңеймекте

58

Қоңырат районында да “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Қоңырат аўыл пуқаралар жыйыны аймағында  “Мәҳәлле абат – ел абат!” сүрени астында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде кең көлемли абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды.

Илажға Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қоңырат районы бөлиминиң баслығы С.Усенов ҳәм мәҳәлле баслықлары қатнасты.

Илаж даўамында шығып сөйлегенлер халықтың бул ийгиликли басламаларда белсене қатнасыўы, ҳәр бир аймақта бағ жаратыў, егислик майданларды өз ўақтында тәрбиялаў ҳәм нәллерди суўғарыў зәрүрлигин атап өтти.

Буннан соң қатнасыўшылар тәрепинен ҳәр қыйлы саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери егилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги