“Arepo” менен бирге ислесиў мәселелери додаланды

69

Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министри К.Айтбаев Германияның “Arepo” шөлкеми бас консультанты Александра Бусслер менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында Нөкис қаласында көп қабатлы турақ жай имаратының энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша модернизациялаў жойбарын әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Тәреплер усы жойбар шеңберинде әмелге асырылатуғын техникалық-экономикалық илажлар, сондай-ақ, энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша кең көлемли сөйлесиўлер алып барды.

Сондай-ақ, “Arepo” шөлкеми тәрепинен жойбарды қаржыландырыў дереклерин анықлаў, сырт ел грантлары ҳәм инвестицияларын тартыў, сондай-ақ, техникалық-экономикалық тийкарларды ислеп шығыў бойынша биргеликте ислесиўге келисип алынды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер жойбарды басқышпа-басқыш әмелге асырыў режеси ҳәм кейинги бирге ислесиў бағдарларын белгилеп алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги