«Өзбекстан – улыўма үйимиз!» фестивалы – миллетлер арасындағы дослық ҳәм аўызбиршилик белгиси

68

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаслар арасында дослық, өз ара ҳүрмет ҳәм мәдений көп түрлиликти еле де беккемлеў, студентлер арасында аўызбиршилик ҳәм кеңпейилликти үгит-нәсиятлаў мақсетинде, сондай-ақ, 16-ноябрь – Халықаралық кеңпейиллик күни мүнәсибети менен «Өзбекстан – улыўма үйимиз!» сүрени тийкарында «Биз – бир шаңарақ перзентлеримиз» атамасындағы миллетлер аралық татыўлық ҳәм дослық фестивалы шөлкемлестирилди.

Илажға Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы Бегдулла Султанов, республикамызда жумыс алып барып атырған миллий-мәдений орайлардың ўәкиллери, пайтахтымыздағы Муҳаммед әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам оқыў орны оқытыўшылары ҳәм тыңлаўшылары, институт профессор-оқытыўшылар, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қувондиқ Қодиров, миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының профессоры Тәжихал Қудайбергеновалар шығып сөйлеп, ҳәзирги глобалласыў дәўиринде миллетлер аралық татыўлық, өз ара аўызбиршилик, дослық қатнасықлары жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе бағдарлардың бири екенлигин атап өтти.

Институттың Педагогика-психология ҳәм дөретиўшилик тәлим факультети тәрепинен шөлкемлестирилген фестиваль шебер қоллы, өнермент ҳәм спортшы жаслардың көргизбеси менен басланған болса, «Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студент-жаслар атқарыўындағы концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына көтериңки кейпият инәм етти.

Байрам қатнасыўшылары ҳәм жаслар биргеликте түрли миллет ўәкиллериниң йошлы қосықларына аяқ-ойынларға түсип, фестивальдың жоқары дәрежеде өтиўине үлеслерин қосты.

Институт баспасөз хызметиниң мағлыўматына қарағанда, ҳәзирги ўақытта Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 14 мыңға шамалас студент-жаслар билим алып атырған болып, оқыў дәргайында қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен, рус, украин, корейс, қырғыз, тәжик, әзербайжан, башқурт, уйғыр ҳәм татар сыяқлы улыўма 11 миллетке тийисли студентлер бир шаңарақтың перзентлериндей, аўызбиршиликте билим алмақта.

Институтта усы бағдардағы илажлар турақлы өткерилиўи белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги