“Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарына старт берилди

Республикамыз пайтахты Нөкис қаласында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде гүзги терек нәллерин егиў жумысларына старт берилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимиздиң абаданлығын, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеўимиз ҳәм жасыл аймақлардың пайда етилиўинде пүткил халқымыз бенен бирге ат салысыўымыз керек екенлигин атап өтти.
Илажда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, мәкеме-шөлкем басшылары, белсенди жаслар, нураныйлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәм сол арқалы экологиялық жағдайды жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта. Әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде қала ҳәм районларда ҳәр түрли саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери егилиўи даўам еттирилип атыр.
Соның ишинде, быйылғы гүзги нәл егиў мәўсиминде 8 млн. 781 мың түп саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиў, Нөкис қаласы ҳәм район орайларындағы 19 гектар майданда «Жасыл жәмийетлик парк»лер жаратыў режелестирилген. Бул илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде нәлханаларды 10 млн. түптен аслам саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери жетистирилмекте.
Өткерилген бул әҳмийетли илажда егиске таярланған жер майданларына жақсы нийетлер менен терек нәллери тигилди.









Қарақалпақстан хабар агентлиги