Өзбекстан ерик жетистириў бойынша дүньяда екинши орында

Өзбекстан ерик жетистириў ҳәм экспорты бойынша дүньяда екинши орында, сондай-ақ, шабдал жетистириўде де тийкарғы орынларды ийелемекте.
Бул ҳаққында Агросанаатты раўажландырыў агентлиги мәлимлеме хызметиниң басшысы Ўғилой Болтабоева мәлим етти.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде интенсив бағлар көбеймекте. 2024-2025-жылларда республика бойынша жәми 43,2 мың гектар санаатласқан интенсив мийўели бағ ҳәм жүзим бағлары жаратылмақта.
Бунда жетекшилик етип атырған ең ири аймақлар Наманган, Жиззақ, Самарқанд, Сурхандәрья, Әндижан ўәлаятлары болып есапланады.
Соның ишинде, елимизде 9 айда 1,6 миллион тонна мийўе өнимлери 1,5 миллиард доллар баҳада 70 тен аслам мәмлекетке экспорт етилди.
Жаңа бағлардың 2-3 жыл ишинде зүрәәтке кириўин есапқа алсақ, жақын 3-5 жылда мийўе экспортының көлеми кеминде 30 процентке артыўы күтилмекте.
Мағлыўматларға бола, Өзбекстан ерик жетистириў бойынша дүньяда Түркиядан кейин екинши орында болса, ерик экспорты бойынша Италиядан кейин екинши орынды ийеледи.
Сондай-ақ, черешня, жүзим ҳәм шабдал экспорты бойынша да жетекши мәмлекетлер қатарындабыз.
Гулноза Бобоева, ӨзА