Шыпакерлердиң мийнетин қәдирлеў саламат жәмийеттиң әҳмийетли гиреўи болып есапланады

64

Мүнәсибет

Саламатлық инсан өмириндеги ең әҳмийетли ҳәм қәдирли байлық. Саламатлығымызды қәстерлеп сақлаў, бәринен бурын, өзимизге байланыслы. Соның менен бирге, денсаўлығымызда жүзеге келетуғын нуқсанларды сапластырыўда саламатлық сақшылары болған медицина хызметкерлериниң орны ҳәм хызмети шексиз. Соның ушын да елимизде усы тараў ўәкиллерин қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы 10-ноябрь күни Ташкент мәмлекетлик медицина университетине барып, мәмлекетимиз денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў, медицина мәкемелеринде хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм медициналық билимлендириўди жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың презентациясы менен танысты. Сондай-ақ, медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыў өткерип, жыйналғанларды Медицина хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлады.

Буған Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Азамат Пардаев өз мүнәсибетин билдирди:

— Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент мәмлекетлик медицина университетине сапары ўақтында мәмлекетимиз денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў, медицина мәкемелеринде хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм медициналық билимлендириўди жаңа басқышқа көтериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Соңғы жыллары медицина тараўына 230 триллион сумнан аслам қаржы қаратылып, 187 жаңа емлеўхана ҳәм поликлиника қурылды, мыңнан аслам мәкемелер реконструкцияланды. Нәтийжеде бирлемши медициналық хызмет халыққа және де жақынласты, бурын тек ғана пайтахтта орынланған 400 ден аслам жоқары технологиялық әмелиятлар енди аймақларда да әмелге асырылмақта.

Президентимиз сапар даўамында атап өткениндей, медицинадағы санлы өзгерислер наўқаслар ушын қолайлылық, шыпакерлер ушын нәтийжелилик, мәмлекет ушын болса ашық-айдынлық ҳәм үнемлиликти тәмийинлейди. Атап айтқанда, DMED бирден-бир электрон системасы, “Электрон рецепт”, “Онлайн-шыпакер” сыяқлы санлы шешимлер медицина системасына түпкиликли жаңалықлар алып кирмекте.

Соның менен бир қатарда, Президентимиз тәрепинен қабыл етилген медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин қоллап-қуўатлаўға қаратылған қарар тараў хызметкерлери ушын үлкен социаллық ҳәм руўхый хошамет болды.

Усы қарарға муўапық, 2026-жылдан баслап ҳәр бир медицина хызметкери Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен жыллық хошаметлеў пулын алады. “Ең жақсы медицина мәкемеси” ҳәм “Ең жақсы шыпакер” таңлаўлары енгизилип, жеңимпазларға 30 миллион сумнан 500 миллион сумға шекемги сыйлықлар бериледи. 15 жылдан артық стажға ийе хызметкерлердиң перзентлериниң контракт төлемлериниң бир бөлеги қаплап бериледи. Турақ жай сатып алыўда дәслепки төлемниң 25 проценти мәмлекет тәрепинен қаржыландырылады. Сондай-ақ, миллий аккредитациядан өткен мәкеме хызметкерлерине 10 процентлик айлық үстеме төленеди. Барлық медицина хызметкерлерине мәмлекетлик хызметлер ушын төлемлер еки есеге азайтылады.

Медицина системасының санластырылыўы ҳәм шыпакерлердиң мийнетин қәдирлеў саламат жәмийет қурыўдың ең әҳмийетли гиреўи екенин атап өтиў керек. Солай екен, депутат сыпатында бул реформаларды турмысқа енгизиўде белсене қатнасыў бизиң де тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады.

Муҳтарама Комилова жазып алды. ӨзА