Инсан қәдири принципи жаңа дәўирдиң баслы өлшеми

Жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған реформалардың бас мақсети – инсан қәдири ҳәм ҳуқықларын жоқары қәдирият сыпатында беккемлеў болып есапланады. Инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм қәдир-қымбатын қорғаўға қаратылған Конституциямыздағы бир қатар әҳмийетли бәнтлерде де бул өз көринисин тапқан. Төменде мине, усы инсан ҳуқықларына байланыслы әҳмийетли 10 норма менен танысамыз.
Ҳуқықлар инсан туўылыўы менен бериледи
Мәмлекетимиздиң бас нызамында инсан ҳуқықлары ҳәр кимге туўылғанынан баслап тийисли екени белгилеп қойылған. Бул принцип инсанды жәмийеттеги социаллық, экономикалық ямаса сиясий дәрежесине қарамастан, тәбийий ҳуқықларға ийе шахс сыпатында тән алады. Бул қатнас Өзбекстанның халықаралық инсан ҳуқықлары стандартларына, атап айтқанда, БМШтың Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясы руўхына толық сәйкес келеди.
Инсан абырайы – қол қатылмас қәдирият
Конституциямызда “Инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбатына қол қатылмайды” деген қағыйда беккем орын алған. Бул норманың турмыслық мәниси сонда, ҳәр бир пуқараның абырайы, қәдири ҳәм жеке өмири мәмлекет қорғаўында болады. Ҳеш кимниң намысына дақ түсиретуғын, кемситиўши, зорлыққа шақырыўшы ҳәрекетлер кеширилмейди.
Бундай қатнас социаллық орталықта адамгершилик ҳәм өз-ара ҳүрмет мәдениятын беккемлеўге хызмет етеди. Әсиресе, жас әўладтың тәрбиясында “инсан қәдири” идеясының конституциялық дәрежеде беккемлениўи жәмийеттиң раўажланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе.
Ҳуқық ҳәм еркинликлер – нызам үстинлигиниң өлшеми
Бас нызамымызда инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери тиккелей әмел етеди және олар нызамлардың ҳәм мәмлекетлик уйымлар жумысының мазмунын белгилейди, деген норма бар. Бул дегени ҳәр бир жаңа нызам ямаса қарар инсан ҳуқықлары нормаларына муўапық болыўы шәрт.
Пуқаралардың мәплерине қайшы келетуғын бирде-бир нормативлик ҳүжжет қабыл етилиўи әмелде мүмкин емес. Себеби инсан ҳуқықлары нызам дөретиўшилигиниң орайына айланған. Бул Өзбекстанда “инсан – мәмлекет ушын емес, ал мәмлекет – инсан ушын” деген принциптиң әмелий көриниси болып есапланады.
Миннетлемелер жүклеў тийкарланған болыўы шәрт
“Ҳеш кимге оның разылығысыз нызамшылықта белгиленбеген миннетлеме жүклениўи мүмкин емес” деген норма пуқаралардың еркинлигин ҳуқықый жақтан беккемлейди. Бул болса ҳәкимият уйымларының, жумыс бериўшилердиң ямаса басқа да структуралардың тийкарсыз талапларына қарсы конституциялық кепиллик болып табылады.
Бул әсиресе әпиўайы пуқаралардың ҳуқықый қорғалыўын беккемлеў, бюрократиялық басымларды азайтыў ҳәм әдил басқарыў системасын қәлиплестириўде әҳмийетли роль атқарады.
Ҳуқықый жуўапкершиликте тең салмақлылық принципи
Инсан ҳуқықларына байланыслы және бир әҳмийетли норма – ҳуқықый тәсир илажлары енди теңсалмақлылық принципине тийкарланады. Бул соны аңлатады, жазалаў ямаса ҳәкимшилик шаралар қолланыў инсан ислеген ҳуқықбузарлық дәрежесине пропорционал болыўы керек.
Мысалы, киши қәтелик ушын ҳәдден тыс жазалар белгилениўине жол қойылмайды. Әдиллик ҳәм инсаныйлық принципи ҳуқықый сиясаттың тийкарғы бағдарына айланған.
Жеке мағлыўматлар үстинен қадағалаў ҳуқықы
Санлы дәўирде ең әҳмийетли қәдириятлардан бири – шахсқа байланыслы мағлыўматларды қорғаў ҳуқықы болып табылады. Конституцияда ҳәр бир инсан өзи ҳаққындағы мағлыўматлардың дурыслығын талап етиў, надурыс ямаса нызамсыз жол менен топланған мағлыўматларды дүзетиў ҳәм жоқ етиў ҳуқықына ийе.
Бул норма тек ғана инсан қәдирин емес, ал мәлимлеме қәўипсизлигин де тәмийинлейди. Жеке турмысқа қол қатылмаслығы тек ғана сүрен емес, ал әмелде қорғалатуғын конституциялық ҳуқыққа айланбақта.
Еркин ҳәрекетлениў ҳуқықы
Конституцияда ҳәр ким мәмлекет бойлап еркин ҳәрекетлениў, жасаў ҳәм жасаў орнын таңлаў ҳуқықына ийе екени атап өтилген. Бул норма пуқаралардың мийнет миграциясы, жасаў орнын өзгертиў ямаса туризм менен байланыслы имканиятларын кеңейтеди.
Ең әҳмийетлиси, бул ҳуқық инсанның өз арзыў-нийетлерине еркин умтылыўы, өз имканиятларын толық көрсетиўи ушын кең шараят жаратады.
Турақ жайға қол қатылмаслығы кепиллиги
Ҳәр кимниң турақ жайына қол қатылмаслығы ҳаққындағы норма бул ҳуқықтың бузылыўы қатаң жуўапкершиликке себеп болады. Ҳеш ким суд қарарысыз пуқараның үйине кириўге ҳақылы емес.
Бул тек ғана жеке өмирди қорғап қоймастан, ал пуқаралардың тыныш ҳәм парахат турмыс кешириўине конституциялық кепиллик жаратады.
Ҳуқық ҳәм еркинликлерди қорғаў қураллары кеңейди
“Ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы” деген норма пуқараларға ҳуқықый белсендилик береди.
Инсан өз ҳуқықларын тек ғана суд арқалы емес, ал ғалаба хабар қураллары, жәмийетшилик, халықаралық институтлар арқалы да қорғаўы мүмкин. Бул норма пуқаралық жәмийетиниң күшейиўине, ҳуқықый сана ҳәм мәденияттың артыўына хызмет етеди.
Судланғанлық – туўысқанлар ушын тосқынлық емес
Конституцияда шахстың судланғанлығы оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар бола алмайтуғыны анық белгиленген. Бул норма социаллық әдиллик принципиниң айқын үлгиси болып есапланады.
Ата-анасының жынаяты ямаса қәтеси ушын бала ямаса туўысқанлар жуўап бермейди, олардың ҳуқықлары толық қорғалады. Бул инсан қәдирин тиклейтуғын, социаллық орталықта әдилликти орнататуғын әҳмийетли қурал болып есапланады.
Жуўмақлап айтқанда, ҳуқықый мәмлекеттиң ең тийкарғы белгиси – пуқаралардың ҳуқықлары қағазда емес, турмыста қорғалыўы болып есапланады. Елимизде алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде болса, “инсан қәдирин улығлаў” принципи тек ғана сүрен емес, ал мәмлекетлик сиясат ҳәм жәмийетлик сананың тийкарына айланбақта.
ӨзА