Суў арқалы регионаллық турақлылыққа

62

Орайлық Азия регионы ушын суў мәселеси тек ғана экологиялық емес, ал экономикалық-сиясий әҳмийетке де ийе. Пайтахтымызда “Орайлық Азияда суў машқалалары” темасында регионаллық семинар болып өтти.  

Илаж “Blue Peace Central Asia” басламасы шеңберинде Халықаралық суў ресурсларын басқарыў институты, Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамы, Швейцария раўажланыў ҳәм бирге ислесиў агентлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Бул ушырасыў регионда суў ҳәм климат бойынша узақ мүддетли машқалаларды додалаў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў ушын үлкен майдан ўазыйпасын атқарады.

Семинарға Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстаннан 60 тан аслам қәнигелер, сондай-ақ, БМШ, Жәҳән банки, ГИЗ сыяқлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Семинар даўамында стратегиялық таллаў, бейимлесиў тийкарғы бағдарлары, суў дипломатиясы, киши трансшегаралық дереклер ҳәм маманлық көнликпелерин арттырыў шеңбериндеги бирге ислесиў додаланды.

Бул семинар даўамында қатнасыўшылар 2025-2026-жыллар ушын режелестирилген бирге ислесиў бағдарларын белгилеп алды. Додалаўларда климат өзгериўи тәсири, суў ресурсларына артып баратырған басым ҳәм музлықлардың қысқарыўы ақыбетинде пайда болып атырған қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар ҳәр тәреплеме талланды.

Топар додалаўлары нәтийжесинде регионаллық бейимлесиў тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, қаржыландырыўдың инновациялық механизмлери, мағлыўмат алмасыўы, илимий-изертлеў орайлары ҳәм университетлер арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Мәжилисте ҳүкиметлер, изертлеўшилер ҳәм пуқаралық жәмийети арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бойынша усыныслар билдирилди.

ӨзА