Қазақстан министри: Мәдений бирге ислесиў – бирлестириўши күш

Қазақстан Республикасы мәденият ҳәм мәлимлеме министри Аида Балаева Өзбекстан менен бирге ислесиў бүгинги күнде беккем дослық ҳәм жақсы қоңсышылыққа сүйенип раўажланып атырғанын атап өтти. Оның айтыўынша, тарийхый тамырлары бирдей еки туўысқан халықты улыўма мәденият, тил ҳәм қәдириятлар әзелден бирлестирип келген.
– Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында алып барылып атырған сиясат мәдений-гуманитарлық байланысларды жаңа басқышқа көтерди, – дейди хызметкер. – Стратегиялық бирге ислесиў бойынша келисим, еки мәмлекет басшыларының қызғын сөйлесиўлери ҳәм мәденият тараўындағы биргеликтеги басламалар өзине тән жақынлықтың әмелий нәтийжеси болып есапланады. Кейинги жылларда өткерилип атырған “Қазақстан мәденияты күнлери” ҳәм “Өзбекстан мәденияты күнлери,” ҳәр қыйлы дөретиўшилик фестивальлар, көргизбелер, театр алмасыўлары өз-ара руўхый жақынлықты және де күшейтпекте. Жас дөретиўшилер ушын жаратылып атырған улыўмалық бағдарламалар болса интеграцияны даўам еттиретуғын жаңа әўладтың қәлиплесиўине хызмет етпекте.
Аида Балаева халық музыкасы, әдебий мийрас ҳәм аўызеки дөретиўшиликтеги уқсаслық та еки халықтың қәлбин бир-бирине байланыстырып киятырғанын атап өтти. Оның пикиринше, мәденият – тек ғана дөретиўшилик бирге ислесиў майданы емес, ал келешек әўладлар арасында дослық ҳәм исенимди беккемлейтуғын ең күшли қурал. Қазақстан ҳәм Өзбекстанның мәдений бирге ислесиўи Орайлық Азияда турақлылық ҳәм раўажланыў ушын да әҳмийетли. Ол регионаллық форумлар, жаслар бағдарламалары ҳәм мийрасты сақлаў бойынша биргеликтеги жойбарларды улыўма тарийхый жуўапкершиликтиң көриниси сыпатында баҳалады. Шерикликти және де кеңейтиў, кино, театр, әдебият ҳәм музыка бағдарларында жаңа платформалар жаратыў тәрепдары екенин айтып, мәденият арқалы қурылған дослық – бүгинги ҳәм келешек әўлад ушын бийбаҳа мийрасқа айланатуғынына исеним билдирди.
ӨзА