Районларда дизимге алыў жумысларына таярлық қызғын даўам етпекте

Алдын хабар берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-сентябрьдеги арнаўлы пәрманына муўапық халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўға таярлық жумыслары басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Усы мүнәсибет пенен Қоңырат районында мәҳәлле жетилиги хызметкерлериниң қатнасыўында әмелий семинар өткерилди.
Илаж даўамында дизимге алыў басқышлары, сораўнамалар менен ислесиў тәртиби ҳәм электрон система арқалы мағлыўмат киргизиў процеси бойынша толық түсиниклер берилди.



Қатнасыўшыларға респондентлер менен пикирлесиў, сораўнамаларды толтырыўда итибарлы болыўы керек болған тәреплер ҳәм халыққа дурыс мағлыўмат жеткериў бойынша әмелий көрсетпелер берилди.
Бундай семинарлар орынлардағы жуўапкер хызметкерлердиң билим ҳәм тәжрийбесин арттырыў, дизимге алыў процесин пуқта ҳәм нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги