Белгиленбеген орынларда азық-аўқат өнимлерин сатыўшылар ескертилмекте

73

Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы тәрепинен Нөкис дийқан базарында азық-аўқат қәўипсизлигине әмел етилиўи үстинен жәмийетлик қадағалаўы өткерилди.

Жәмийетлик орынларда азық-аўқатлардың сатылыўы бар гәп, бирақ сол азық-аўқат өнимлери санитариялық жақтан қаншелли сапалы, кепилленген?

– Үй шараятында азық-аўқат өнимлерин таярлап, базарлардағы белгиленбеген орынларда сатып отырған пуқараларымыға түсиник жумыслары алып барылды. Олар сатып атырған консерва банкалардағы өнимлер, пиражки, сомса, сүт өнимлери ҳәм басқалар тексерилип көрилгенинде көпшилигиниң санитариялық талапларға жуўап бермейтуғынлығы, сатып отырған жерлериниң де талапқа жуўап бермейтуғынлығы анықланды, – дейди басқарманың бөлим меңгериўшиси Бийбигүл Узақбаева.

Пуқараларымызға азық-аўқат өнимлерин гүманлы болған жерлерден сатып алмаўды, сатып алып атырған өнимниң сапасы, тазалығы, көриниси, ыдысының пүтинлиги, гигиеналық индивидуал ыдысларда берилиўине итибар бериўин усыныс етемиз. Сондай-ақ, өнимлердиң сақланыў жағдайы (айырым жағдайларда температура талапларына жуўап бермейди), аўқатты таярлағанда пайдаланылған өнимлер ҳаққында мағлыўматларды сорастырыўыңызды, жарамлылық мүддетлерине қараўды да умытпаў керек.

Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметкерлери тәрепинен орынларда рейд илажлары даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги