ШБШ мәмлекетлери 2026-2030-жылларға мөлшерленген ҳәрекетлер режесин келисип алды

Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң ўәкиллери көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша 2026-2030-жылларға мөлшерленген ҳәрекетлер режесин келисип алды, деп хабар бермекте “РИА Новости” басылымы.
– Усы жылдың 10-12-ноябрь күнлери Россия тәрепиниң басшылығында видеоконференция түринде структураға ағза мәмлекетлердиң көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырыўға байланыслы 2026-2030-жылларға мөлшерленген илажлар режесиниң жойбарын келисиў бойынша экспертлер топарының мәжилиси болып өтти, – делинеди ШБШ секретариатының билдириўинде.
Атап өтилиўинше, илаж даўамында ўәкилликли ўәкиллер 2025-жыл 18-ноябрь күни Москвада болып өтетуғын ШБШға ағза мәмлекетлер ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилиси жуўмақлары бойынша қол қойыў усыныс етилип атырған ҳүжжетлер дизимине киргизилген реже текстин келисип алған.
Г.Сатторова, ӨзА