Миллий кийимлеримизде миллий өзгешелигимиз сәўлеленген

Мәмлекетимизде ҳәр ҳәптениң жума күнлери өткерилиўи жақсы дәстүрге айланған миллий кийимге ҳүрмет көрсетиў илажларында электр энергиясы тәмийнаты кәрханаларының хызметкерлери де белсене қатнаспақта.
Бүгин Тахтакөпир районлық электр тармақлары жәмәәти де өз жумыс орынларына миллий кийимлерде келип, челленджди қоллап-қуўатлады.
Атап өтилгениндей, кийимлер инсанның өмирин безейди, эстетикалық заўық бағышлайды, халықтың өзлигин көрсетеди ҳәм ҳәр қыйлы тәбийғый шараятларда жасаўы ушын қолайлық жаратады. Ал, миллий липаслардағы өзине тәнлик болса, миллеттиң қәлиплесиўи менен байланыслы болып, онда сол халықтың жасайтуғын аймағы, турмыс тәризи үлкен әҳмийетке ийе.



Елимизде де әне усындай өзгешеликлер тийкарында миллий кийимлеримиз жаратылды ҳәм ол узақ жыллық тарийхқа ийе.
Әлбетте, бул бағдардағы илажлар үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиздиң сақланып, әўладларға қалыўында әҳмийети жоқары.
Қарақалпақстан хабар агентлиги