Бухаралы шыпакерлер Хожели районында

73

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына муўапық, ўәлаятлар Аралбойын социаллық-экономикалық раўажландырыўды жеделлестириў мақсетинде Қарақалпақстандағы районларға бириктирилген.

Усы тийкарда Бухара ўәлаяты да өз тәжирийбеси тийкарында Хожели районын буннан былай да раўажландырыўға жәрдемлесип келмекте.

Қарақалпақстан Республикасының Хожели районында медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм халықтың саламатлығын жақсылаў мақсетинде Бухара ўәлаятынан тәжирийбели қәнигелер тартылған.

Бухара ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармасының баслығы Элёр Олтиев басшылығындағы 30 бухаралы шыпакерлерден ибарат жумысшы топар Қарақалпақстан Республикасына жетип келди.

Сапардан тийкарғы мақсет – Хожели районында жергиликли қәнигелер менен биргеликте 50 ге шамалас жоқары технологиялы хирургиялық әмелиятларды өткериў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў системасындағы балалардың саламатлығын тексериў, сондай-ақ, жергиликли шыпакерлерге әмелий көнликпелер бериўден ибарат.

Еслетип өтемиз, бул әмелий процесслер 13-20-ноябрь аралығында болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги