«Прокурор кубоги» жеңимпазлары анықланды

Бозатаў районында мини футбол бойынша 2009-2011-жыллар аралығында туўылған жас өспиримлер арасында «Прокурор кубоги» болып өтти.
Жарыстың ашылыў мәресимине район прокуроры Нуралы Сапаров ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасып, районда соңғы жыллары жаслар арасында саламат турмыс тәризин ен жайдырыў ҳәм олардың физикалық белсендилигин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти ҳәм жасларды усындай жарысларға белсене қатнасыўға шақырды.
Буннан соң район аймағындағы мәҳәллелерден келген командалар жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Беллесиўлер соңында, биринши орынды Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан 7-санлы улыўма орта билим бериў мектеби командасы жеңип алып, кубок ийесине айланды.
Финалға шекем табыслы жетип келген қусханатаўлы жаслар екинши, Бозатаў посёлкалық пуқаралар жыйыны командасы үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.

Жарыс жуўмағында, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Б.Тохпанов,
Бердақ атындағы ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги