Углерод-нейтрал экономикада гендер сиясаты жаңа басқышқа көтериледи

75

Кейинги жыллары дүнья көлеминде климат өзгериўи ҳәм қоршаған орталық машқалалары барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Турақлы раўажланыўға ерисиўде углерод шығындыларын қысқартыў ҳәм “жасыл” экономикаға өтиў әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланды.

Өзбекстан да бул процесске белсене қатнасып, углерод-нейтрал экономикаға басқышпа-басқыш өтиў бойынша бир қатар реформаларды әмелге асырмақта. Соның менен бирге, гендер теңлиги принциплерин усы тараўдағы сиясат ҳәм жойбарларға интеграциялаў мәселесине де үлкен итибар қаратылмақта.

Энергетика министрлигинде “Өзбекстанда углерод-нейтрал экономикаға өтиў бойынша гендерге бағдарланған ҳәм әдил “Жол картасы”н ислеп шығыў” жойбары шеңберинде өткерилген техникалық дөгерек сәўбетинде усы ҳаққында сөз болды.

Илажда усы жойбарға тийкарланып мәмлекетимиздиң углерод-нейтрал экономикаға басқышпа-басқыш өтиў процесинде гендер мәселелери есапқа алынатуғыны ҳәм “Жол картасы” ислеп шығылатуғыны атап өтилди.

Қәнигелердиң мәлим етиўинше, бул баслама Өзбекстан энергетика, нефть-газ ҳәм геология хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңеси, Энергетика министрлиги, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәм БМШ Ҳаял-қызлар структурасы менен биргеликте әмелге асырылмақта.

Дөгерек сәўбетинде дәслепки таллаў нәтийжелери ҳәм “Жол картасы”н ислеп шығыў процеси таныстырылды. Қатнасыўшылар ҳүжжетке киргизилиўи мүмкин болған әмелий қураллар, сондай-ақ, гендер теңлиги ҳәм инклюзив климат сиясатын раўажландырыў механизмлерин додалады.

“Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийетиниң ўәкили Саодат Ибрагимова өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жәмийет жумысында гендер теңлиги мәселелерине айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

– Системада ҳаял-қызлар ушын мүнәсип мийнет шараятын жаратыў, олардың басшылық лаўазымларында белсене қатнасыўын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, кәсиплик маманлығын арттырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Энергетика тараўында ҳаял-қызлардың жумысын кеңейтиў тек ғана социаллық әдиллик көзқарасынан емес, ал жумыс нәтийжелилигин арттырыўда да үлкен әҳмийетке ийе. Жәмәәтимизде ҳаял-қызлар тек ғана инженерлик ямаса бухгалтерия бағдарларында емес, ал жойбар басқарыўы ҳәм стратегиялық қарар қабыл етиў процесслеринде де белсене қатнаспақта. Гендерге бағдарланған қатнасықлар турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде әҳмийетли фактор болып, бул бағдарда тәжирийбе алмасыў ҳәр тәреплеме пайдалы, – деди С.Ибрагимова.

Мәжилис жуўмақлары бойынша мәпдар тәреплер бирге ислесиўди күшейтиў ўазыйпаларын белгилеп алды.

Насиба Зиёдуллаева, ӨзА