Жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, билим бериўде жаңа басқышлар

80

Қарар ҳәм оның орынланыўы

Президентимиздиң 2025-жыл 29-июльдеги қарарына тийкарланып Қураллы Күшлер академиясы реформаланды. Оның негизинде Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети шөлкемлестирилди.

Университеттиң бүгинги жумысы ҳаққында Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети баслығының биринши орынбасары, генерал-майор Фарҳоджон ШЕРМАТОВтың пикирлери менен қызықсындық.

– Өзбекстан Республикасы Президенти, Жоқары Бас Сәркардамыз Шавкат Мирзиёевтиң усы қарары менен Қорғаныў министрлигиниң барлық әскерий билимлендириў мәкемелери – 5 институт, Сержантлар таярлаў жоқары мектеби және Авиция ҳәм ушыўшысыз ушыў аппаратлары қәнигелерин таярлаў орайы институт статусында университет қурамына өткерилди. Бул болса, орайласқан вертикал системаны пайда етип, әскерлердиң жаўынгерлик потенциалын және де арттырыў, дуал билимлендириўди кеңейтиў, илимий изертлеўлерди әмелиятқа енгизиў сыяқлы мақсетлерди өз ишине алады, – деди Ф.Шерматов. – Жаңалықлардан және бири – тар шеңбердеги қәнигеликлер бойынша “2+2” тәртиби жолға қойылды. Яғный, психолог, байланысшы, тәмийнатшы, қоймаханашы сыяқлы 18 түрли тараў қәнигелери басқа жоқары билимлендириў мәкемелериниң екинши басқыш студентлери арасынан таңлап алынады.

Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, усы оқыў жылынан баслап, питкериўши басқыш курсантлары ушын таңлаў тийкарында “Жоқары Бас Сәркарда” мәмлекетлик стипендиясы бериледи. Бул стипендия ийеси бакалавриатты тамамлағаннан соң бес жыл даўамында жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына имтиханларсыз қабыл етиледи. Жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң 36 тәлим бағдарының питкериўшилери бир ўақыттың өзинде еки диплом – пуқаралық ҳәм әскерий кәсипке мөлшерленген қәнигелик ийеси болады. Бул оларға әскерий хызметтен кейин де белсене жумыс ислеў имканиятын береди.

Қураллы Күшлер академиясын реформалаў ҳәм оның негизинде Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетин шөлкемлестириў процесинде бир қатар жаңа кафедра ҳәм орайлар шөлкемлестирилди.

Университет ишинде 4 ҳәм округлерде 6 округ факультетлери жумыс ислей баслады. Әскерий қәўипсизлик бас штабы факультети, Улыўма әскерий факультет сыяқлылар усылардың қатарына киреди. Улыўма әскерий факультет (бакалавриат) питкериўшилерине лейтенант әскерий атағы, жоқары мағлыўматлы қәниге дипломы ҳәм айдаўшылық гүўалығы бериледи.

Сырт ел әскерий кадрларын таярлаў факультетинде – 100 ден аслам сырт еллилер магистратура, бакалавриат, әскерий профессор-оқытыўшылар (докторантура, еркин излениўшилер)дың маманлығын арттырыў курслары, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўде билим алады.

Буннан тысқары, Шегара хызмети факультети де бар. Улыўма армия факультетинде болса мото мерген ҳәм шегара бөлимлери командири, тәрбиялық ҳәм идеологиялық жумыслар тактикалық командирлиги офицерлери, армиялар фронт арты тактикалық командирлиги, Химия армиялары тактикалық командирлиги, ИИМ армияларынын тактикалық командирлиги ҳәм де әскерий психолог қәнигеликлери бойынша офицерлер таярланады.

Бүгинги күнде университетте бир қатар сырт мәмлекетлерден келген курсант ҳәм офицерлер бакалавриат, магистратура ҳәм таяныш докторантурада билим алмақта, сондай-ақ, сырт елли әскерий педагог кадрлардың маманлығын арттырыў әмелге асырылмақта.

Жеделлик пенен раўажланыўға қәдем таслап атырған дәўирде қайсы тараў болмасын, заманагөй илимлерди сапалы ийелеўге тийкар болатуғын қураллардың орны шексиз әҳмийетке ийе. Усыған муўапық, университеттиң оқыў-материаллық базасы, оқыў аудиториялары ең соңғы технологиялар тийкарында ислеп шығылған заманагөй тренажёрлар, лабораториялық әсбап-үскенелер ҳәм компьютер техникасы менен тәмийинленген.

Курсант ҳәм тыңлаўшылардың жасаўы ҳәм дем алыўы ушын ықшам ҳәм көркем жатақханалар, жабық суў бассейни, заллар, мәдений дем алыў орайы ҳәм асхана жумыс алып бармақта. Бундай кең имканиятлар Ўатанымыздың болажақ қорғаўшылары шын кеўилден, қунт пенен тараў сырларын өзлестириўинде тийкар болады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жылдағы “Жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилген. Соған муўапық, елимизде жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин жаңа басқышқа алып шығыў, олардың санасына ўатансүйиўшилик, мәртлик сезимлерин сиңдириў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

– Усы жерде сораў туўылады, жоқары әскерий билимлендириў мәкемеси курсанты қандай имканият ҳәм жеңилликлерге ийе болады?

– Бәринен бурын, 100 процентлик мәмлекетлик грант тийкарында билим алады, бийпул жоқары билим алыў менен бирге, оқыў даўамында ҳәр айда стипендия да бериледи. Мәселен, ҳәр бир семестрди “қанаатландырарлы” баҳаларға жуўмақласа, ҳәр ай орташа 1 миллион сум муғдарында, “жақсы” баҳаға жуўмақласа, ҳәр ай орташа 1 миллион 200 мың сум муғдарында, “айрықша” баҳаға жуўмақласа, ҳәр ай орташа 1 миллион 500 мың сум муғдарында стипендия алады.

Әскерий жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң бәнтлиги жүз процент тәмийинленеди. Оларға лейтенант әскерий атағы, жоқары мағлыўматлы қәниге дипломы ҳәм айдаўшылық гүўалығы бериледи. Курсант ҳәм тыңлаўшылар ушын бир жылда еки мәрте – қыста 15 күн, жазда болса бир ай дем алыс бериледи. Бул ўақытта ўәлаятларға барыў ушын бийпул темир жол билетлери усынылады. Оқыў даўамында болса ҳәр алты айда тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериледи. Қала транспорт қуралларында бийпул жүриў, музей, кеўилашар ҳәм мәдений орынларға кириў имканияты да усылардың қатарына киреди. Оқыў даўамында болса ҳәр ҳәптеде мине усындай мәдений-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестириледи.

Университет курсантлары арасынан қара белбеў ийелери, спорт шеберлигине талабанлар, спорт шебери ҳәм Республика сайланды командалары қатарына ағзалардың санын арттырыў мақсетинде ғалаба түрде шығыс жеке гүреслери менен шуғылланыў имканияты жаратылған. Яғный ҳәр бир курс бир спорт түрине қәнигелестирилген. Атап айтқанда, биринши басқыш каратэ, екинши басқыш таэквондо, үшинши басқыш бокс ҳәм өзбек жаўынгерлик өнери, төртинши басқыш курсантлары болса армия қол урысына қәнигелестирилген.

Мәкемеде екинши курстан баслап сырт елде тәжирийбе алмасыў, тәжирийбе арттырыў ҳәм оқып келиў имканияты да жаратылған. Себеби курсантлар оқыў процесинде шет тиллерин үйрениў имканиятына ийе. Рус ҳәм инглис тиллери усылар қатарына киреди.

Және бир тәрепи, Қорғаныў министрлиги системасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, әскерий билимлендириў системасын заманагөй талапларға муўапық жетилистириў процесслерин кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде университетте ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын пресс-турлар шөлкемлестириледи.

Онда қатнасыўшылар оқыў-материаллық база ҳәм аудиторияларда болып, жаратылған шараятлар, заманагөй технологиялар, лабораториялар, алдынғы әсбап-үскенелер ҳәм компьютер техникасы менен танысады. Бул әскерий билимлендириўдиң әҳмийетин жасларға жеткериўде тийкар есапланады.

Абдулазиз РУСТАМОВ,

Носиржон ҲАЙДАРОВ (сүўрет), ӨзА