Google ГФРға 5,5 миллиард евро инвестиция киргизбекте

Google Европадағы ең ири инвестициялық жойбарын Германия менен бирге әмелге асырады. Яғный, компания ески континентте 2029-жылға шекем 5,5 миллиард евро қаржы менен жасалма интеллект ҳәм космослық технология инфраструктурасын кеңейтеди. Бул баслама шеңберинде Франкфурт жанындағы Дитценбахда жаңа мағлыўматлар орайы қурылады, Ханаудағы кампус кеңейтиледи, Берлин, Франкфурт ҳәм Мюнхендеги офислер модернизацияланады. Мюнхендеги тарийхый Арнулф Пост имараты болса 30 000 квадрат метрли инновациялық орайға айландырылып, 2 000 хызметкер ушын жумыс орны жаратылады.
Google усы арқалы Германия жалпы ишки өнимине ҳәр жылы шама менен 1 миллиард евро қосыў, және 9 мың жумыс орнын ашыў нийетинде. Германия ҳүкимети киргизилетуғын инвестицияны “инновация, AI ҳәм жасыл экономика келешегине исеним” деп атады.
Жаңа орайлар Мерседес-Бенз сыяқлы ири компанияларға тезирек ҳәм қәўипсизрек жасалма интеллект хызметинен пайдаланыў имканиятын береди.
Соның менен бирге, “суверен ҳаўа хызмети”н раўажландырып, Европа мәмлекетлери мәлимлеме қәўипсизлигин беккемлейди.
Компания 2030-жылға шекем 100 процент углеродсыз энергия дереклерине өтиўди режелестирген. Диценбахтағы орайда шығынды жыллылықты қайта пайдаланыў арқалы 2 мыңнан аслам үйди ысытыў имканиятын беретуғын система енгизиледи.
Сондай-ақ, Google санлы билимлендириў ҳәм кодлаў бағдарламаларын қоллап-қуўатлап, мектеплерде SТЕМ жойбарларын қаржыландырыўды баслайды. Усы тәризде компания Германияда тек ғана технологиялық емес, ал социаллық тараўда да өз тәсирин кеңейтиў мақсетин гөзлеген.
Муслим Зиё, ӨзА