“Мәҳәлле жетилиги” ағзаларының жумысын ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери (КPI) бойынша баҳалаў методикасына тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи

93

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына “мәҳәлле жетилиги” имканиятларынан пайдаланған ҳалда халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўды жеделлестириўге қаратылған қосымшалар киргизиў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жәмийетлик спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм қәбилетли жасларды таңлап алыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2024-жыл 4-декабрьдеги ПҚ-421-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң:

“мәҳәлле жетилиги” имканиятларынан пайдаланған ҳалда халықты жәмәәтлик спорт түрлерине тартыў арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў;

ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлерине (КPI) ерисиў бойынша жумыс режелерин ислеп шығыўда халықты жәмәәтлик спорт түрлерине тартыў нормаларына айрықша итибар қаратыў;

халыққа саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсеткен шахсларды ҳәр тәреплеме хошаметлеўди нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизиледи.

Еки ай мүддетте “мәҳәлле жетилиги” ағзаларының жумысын ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери (КPI) бойынша баҳалаў методикасына тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи.

Қарарға бола, Министрлер Кабинетиниң “Ўәлаятлар, қалалар ҳәм районлар ҳәкимликлери басқарыў аппаратлары ҳаққындағы үлги режелерди тастыйықлаў ҳаққында”ғы 2016-жыл 27-апрельдеги 123-санлы қарарында:

а) 1-қосымшаның 6-бәнти төмендеги мазмундағы он алтыншы абзац пенен толтырылады:

“аймақта халықты жәмәәтлик спорт түрлерине тартыў, усы тараўда белсендилик көрсеткен шахсларды ҳәр тәреплеме хошаметлеў бойынша әмелий илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды шөлкемлестириў”;

б) 2-қосымшаның 6-бәнти төмендеги мазмундағы он төртинши абзац пенен толықтырылады:

“аймақта халықты командалық спорт түрлерине тартыў, усы тараўда белсендилик көрсеткен шахсларды ҳәр тәреплеме хошаметлеў бойынша әмелий-илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды шөлкемлестириў”;

в) 3-қосымшаның 6-бәнти “аймақта халықты командалық спорт түрлерине тартыў, усы тараўда белсендилик көрсеткен шахсларды ҳәр тәреплеме хошаметлеў бойынша әмелий-илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды шөлкемлестириў”.

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-июльдеги 463-санлы қарары менен тастыйықланған Жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшылары орынбасарларының жумысын ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳалаў тәртиби ҳаққындағы режениң 5-бәнти төмендеги мазмундағы екинши абзац пенен толықтырылады:

Онда аймақтың командалық спорт түрлери бойынша спорт жарысларындағы нәтийжелери ҳәм халықты командалық спорт түрлерине тартыў нормальарына айрықша итибар қаратылады.

ӨзА