13-ноябрь – Пүткил жер жүзилик сапа күни

74

Бул сәне ҳәр бир өним, хызмет ямаса жумыс процесинде сапаға умтылыў қаншелли әҳмийетли екенин еслетип турады.

Сапа – бул тек ғана өнимниң шырайлы көриниси ямаса хызметтиң тез орынланыўы емес. Ол – исеним, қәўипсизлик ҳәм турақлылықтың белгиси. Сапалы өним ислеп шығарған ямаса сап хызмет көрсеткен исбилермен бәринен бурын адамлардың исенимине ериседи.

Елимизде де бул бағдарда избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен сапаны арттырыў, әдил бәсеки орталығын жаратыў ҳәм тутыныўшылардың мәплерин қорғаў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Комитет жуўапкерлери базардағы өним ҳәм хызметлердиң сапасын қадағалаў, сатыўдағы өнимлердиң белгиленген стандартларға муўапықлығын тексериў, сондай-ақ, тутыныўшылардың ҳуқықлары бузылыў жағдайларына шек қойыў бойынша турақлы мониторинглер алып бармақта.

Бул жумыслар тек ғана базардағы бәсекини саламатластырып қоймастан, ал ислеп шығарыўшыларды сапаға айрықша қатнаста болыўға шақырады.

Сапаға умтылыў – ҳәр биримиз ушын жуўапкершилик. Себеби ҳәр бир өнимниң артында инсан мийнети, жуўапкершилиги ҳәм исеними жәмленген.

Нигора Раҳмонова, ӨзА