Бакуде өткен халықаралық конференцияда Өзбекстан тәжирийбеси жоқары баҳаланды

92

Әзербайжан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 30 жыл толыўы ҳәм мәмлекетте “Конституция ҳәм суверенитет жылы” деп жәрияланыўы мүнәсибети менен Баку қаласында “Заманагөй ҳуқықый системаларда Конституция ҳәм нызам үстинлиги” темасында халықаралық конференция болып өтти.

Әзербайжан Конституциялық судының басламасы менен өткерилген бул әнжуманда халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, омбудсманлар, конституциялық судлардың ўәкиллери, илимпазлар ҳәм изертлеўшилер қатнасты.

Илажда Өзбекстан Омбудсманы Феруза Эшматова да қатнасып, “Конституциялық қәдириятлар ҳәм инсан ҳуқықлары: глобаллық тенденциялар ҳәм шақырықлар” атамасындағы сессиясында Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм нызам үстинлигин беккемлеў бағдарындағы тәжирийбе ҳаққында баянат жасады.

Ол өз сөзинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған конституциялық реформалар ҳәм олардың әмелий нәтийжелери ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди. Баянат қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты ҳәм Өзбекстан тәжирийбесиниң халықаралық жәмийетшиликте тән алыныўын тастыйықлады.

Н. Абдураимова, ӨзА