“Жол болсын” атлы музыкалы бағдарлама ықласбентлерге усынылды

96

Дүньяда музыкалы шығармалар көп. Олардың ҳәр қыйлылығы ҳәм рәңбәреңлигине қарамастан, бәри бир өзбек миллий музыкасының намасы ҳәм тартымлылығы биз ушын оғада қәдирли ҳәм әзиз. Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы және бир үлкен музыка кешесине басшылық етти.

Өзбекстан мәмлекетлик симфониялық оркестри жанындағы Хор жәмәәти “Жол болсын” атамасындағы концерт бағдарламасын тамашагөйлер итибарына усынды.

Концерт бағдарламасында хормейстер Юлдуз Ҳуснитдинова басшылығындағы Өзбекстан мәмлекетлик симфониялық оркестриниң Хор жәмәәти тәрепинен “Ерик гүллегенде”, “Ҳей, Қуёш”, “Оҳ ким, реҳим әйлемес”, “Ышқыңда” “Наўрыз сәлеми” ҳәм усы сыяқлы музыкалы шығармалар, сондай-ақ, “Сум бала” кинофильминен музыкалы үлги, “Шашмақам”, өзбек халық қосықларынан хор ушын бейимлестирилген музыкалы шығармалар тамашагөйлерге усынылды.

Концерт жуўмағында ықласбентлердиң даўамлы алғысы шын мәнисинде концерт бағдарламасы жоқары көркемлик дәрежеде болып өткенин және бир мәрте көрсетти.

Өзбекстан мәмлекетлик симфониялық оркестри жанындағы Хор жәмәәти тек ғана елимизде емес, ал, Қазақстан, Россия, Грузия, Түркия, Қубла Корея, Қытай, Сербия, Болгария, Черногория, Хорватия, Португалия сыяқлы мәмлекетлерде фестиваль ҳәм концерт бағдарламаларына қатнасып келмекте.

Н.Усмонова, ӨзА