Нызамсыз қазып алыў жағдайлары жоқарылығынша қалмақта

80

Таў-кән санааты ҳәм геология тараўын қадағалаў инспекциясы тәрепинен 2025-жылы жер астынан нызамсыз пайдаланыў, жер асты суўларын қадағалаў бағдарларында бир қатар қадағалаў илажлары әмелге асырылған.

Онда физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жазба көрсетпелер берилген. Айырым кәрханалардың жумысы тоқтатып қойылған. Ҳуқықбузарлық ислеген бир қатар субъектлер болса ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған.

Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Исбилерменлик, бәсекини раўажландырыў ҳәм санаат мәселелери комитетиниң мәжилисинде айтып өтилди. Онда Таў-кән санааты ҳәм геология тараўын қадағалаў инспекциясының усы жылы әмелге асырған жумыслары бойынша мәлимлемеси тыңланды.

Мәлимлемеде келтирилгениндей, усы жылы жер астынан пайдаланыўда видеожазыў арқалы дизимге алынған ҳуқықбузарлықларды көрип шығыў, жер астынан пайдаланыў тараўында ҳуқықбузарлықлар дизимге алынған видеожазыўларды жиберген шахсларды хошаметлеў тәртибин белгилейтуғын реже тастыйықланды. Бул болса тараўда жәмийетлик қадағалаўды күшейтип, ҳуқықбузарлықларды азайтыўға хызмет етпекте.

Тараўды санластырыў бағдарында “Геомониторинг” мәлимлеме системасы ислеп шығылып, жасырын экономиканың алдын алыў ушын мәлимлеме системасында руда емес пайдалы қазылмалар бойынша мағлыўматлар базасы санластырылды. Мәлимлеме системасы бир қанша тийисли мәмлекетлик уйымлардың системалары менен интеграция етилди.

Додалаўларда депутатлар нызамсыз қазып алыў жағдайлары елеге шекем жоқары екени, бул бағдарда қадағалаў илажларын күшейтиў зәрүрлиги, санластырыўды жеделлестириў арқалы инсан факторын азайтыў, коррупцияның алдын алыў, таў-кән санааты кәрханаларында жүз берген бахытсыз ҳәдийселердиң себеплерин таллап, олардың алдын алыў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул бағдарда бир қатар пикир-усыныслар берилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА