Жаңа Өзбекстан ҳәм АҚШ – Бизнесте бирге ислесиўдиң үлкен имканиятлары

106

Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатларына Президент Дональд Трамптың мирәт етиўине бола 4-6-ноябрь күнлери әмелге асырған әмелий сапары өзиниң илажларға бай бағдарламасы менен жуўмақланды. Мен, исбилермен ҳәм жуўапкер депутат сыпатында, бул сапар етиўдиң мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўына, жергиликли бизнестиң раўажланыўына ҳәм халқымыздың абаданлығына көрсететуғын үлкен тәсирин терең аңлайман. Әсиресе, сапар етиў даўамында қол қойылған анық экономикалық келисимлер ҳәм бизнес топарларының жедел сөйлесиўлери ҳәр бир исбилермен ушын үлкен үмит бағышлады.

Президентимиздиң әмелий сапары, биринши гезекте, биз исбилерменлер ушын жаңа, үлкен экономикалық имканиятлар есигин ашты. АҚШ Экспорт-импорт банкиниң (Эксимбанк) басшысы Жон Йованович ҳәм АҚШ Халықаралық финанслық раўажланыў корпорациясы (DFC) ның бас директоры Бен Блэк пенен ушырасыўлар тиккелей инвестиция ағымын тәмийинлеўге қаратылғаны менен стратегиялық әҳмийетке ийе болды. Эксимбанктың авиация (соның ишинде, “Boeing” самолётларын жеткерип бериў), энергетика, әҳмийетли минераллар, транспорт, аўыл хожалығы ҳәм  IT сыяқлы тийкарғы тараўлардағы ири жойбарларды қаржыландырыўдағы қатнасыўы, ал DFC дың раўажланып атырған мәмлекетлерге жеке меншик капиталды тартыўдағы жумысы – Өзбекстан экономикасына үлкен көлемдеги тиккелей инвестициялар ағымын тәмийинлейди. Ташкентте DFC дың регионаллық офисин ашыў режеси де усы финанслық имканиятларды және де жақынластырып, жергиликли исбилерменлер ушын инвестициялық жойбарларды қаржыландырыўда қолайлы шараятлардан пайдаланыў имканиятын береди.

“General Motors International”дың глобаллық атқарыўшы директоры Шилпан Амин менен сөйлесиўлер автомобиль қурылысы тараўында жумыс алып барып атырған жергиликли компаниялар ушын жаңа кооперация имканиятларын жаратты. Кейинги 5 жылда 1,6 миллион автомобиль ислеп шығарылғаны ҳәм Өзбекстанның  “Chevrolet”  бренди ушын АҚШ тан кейин екинши ири базарға айланғаны, жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын аўысық бөлеклер, хызмет көрсетиў ҳәм шийки зат жеткерип бериў бойынша және де кеңейген, турақлы базар дегени. Локализациялаўды тереңлестириў ҳәм жаңа технологияларды енгизиўге қаратылған итибар Өзбекстан бизнеси ушын инновациялық раўажланыў ҳәм бәсекиге шыдамлылықты арттырыў имканиятларын ашады.

АҚШ саўда министри Ховард Латник ҳәм “Traxys”, “FLSmidth”, “McKinsey”, “Meta”, “Google”, “Amazon”, “Boeing” ҳәм басқа да ири корпорациялардың ўәкиллери менен өткерилген дөгерек сәўбети тек ғана кейинги 8 жылда товар алмасыў көлемин 4 есеге арттырып, дерлик 1 миллиард долларға жеткериў имканиятын берип қоймастан, ал келешектеги саўда-инвестициялық байланыслардың және де беккемлениўине тийкар жаратты. Президент Мирзиёевтиң қатнасыўында қол қойылған 9 әҳмийетли еки тәреплеме келисим ҳәм шәртнамалар буған айқын мысал болып есапланады.

Бул келисимлер Өзбекстан экономикасының ҳәр қыйлы тармақларында – таў-кән, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт, IT сыяқлы тараўларда исбилерменлик жумысын раўажландырыў ушын жаңа, үлкен имканиятлар жаратады. Әсиресе, Президентимиздиң 2030-жылға барып 18-20 гигаватт қайта тикленетуғын энергия қуўатлылығына ийе жаңа энергетика системасын жаратыў, электр энергиясының ярымын қуяш ҳәм самал есабынан ислеп шығарыў режеси, транспорт инфраструктурасын раўажландырыўға 12 миллиард доллардан аслам қаржы қаратыў, Google, Meta, NVIDIA  сыяқлы гигантлар менен санлы бирге ислесиўди кеңейтиў – булардың барлығы биз, исбилерменлер ушын жаңа бизнес идеяларын әмелге асырыў ҳәм глобаллық көлемдеги инновациялық жойбарларда қатнасыў ушын беккем тийкар  болып есапланады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Ақ үйде АҚШ Президенти Дональд Трамп пенен сөйлесиўлери еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликтиң экономикалық компонентин және бир мәрте тастыйықлады. Глобаллық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер, соның ишинде, “С5+1” форматында Орайлық Азия ҳәм АҚШ арасындағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша пикир алысыў, Өзбекстанның регионаллық экономикалық интеграцияға умтылысын көрсетти. “С5+1” шеңберинде усыныс етилген турақлы Секретариат, Инвестициялар ҳәм саўда бойынша муўапықластырыўшы кеңес, “Орайлық Азия инвестициялық шериклик” қоры, әҳмийетли минералларды терең қайта ислеў бойынша арнаўлы комитет ҳәм регионаллық агротехнологиялық инновациялар шериклиги – булар барлық қатнасыўшы мәмлекетлердиң экономикалық өсиўи ушын беккем институционаллық ҳәм финанслық тийкар жаратады. Гезектеги саммитти Самарқандта өткериў усынысы болса, мәмлекетимиздиң регионаллық ҳәм глобал экономикалық процесслердеги белсене ролин және де арттырады.

Мәмлекетимиз басшысының АҚШқа әмелий сапарының илажларға бай бағдарламасының жуўмағы менен Өзбекстан Республикасының халықаралық майдандағы экономикалық абырайы және де артты. Сапар етиў Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы қатнасықларда жаңа, және де прагматикалық ҳәм экономикалық жақтан пайдалы бет ашты. Бул сапар етиў арқалы ерисилген келисимлер ҳәм белгиленген режелердиң әмелге асырылыўы Жаңа Өзбекстан экономикасын және де абадан ҳәм қүдиретли мәмлекетке айландырыўда әҳмийетли роль атқарады.

 

Сәрсенбай  Қалжанов,

Халық  депутатлары  Нөкис  қалалық  кеңеси депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги