Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери ушын байрам кешеси шөлкемлестирилди

60

Мәмлекетимиз басшысының мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге, әсиресе, Бас нызамымызда жәмийетлик бирлеспелер сыпатында атап өтилген кәсиплик аўқамларына болған айрықша итибары нәтийжесинде мәмлекетимизде  Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң  120 жыллық  юбилейи   ҳәм “11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” байрам сыпатында кең белгиленип келинбекте.

Нөкис қаласындағы пайызлы орынлардың биринде 11-ноябрь – Кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен байрам  илажы шөлкемлестирилди.

Оған тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, нураныйлар,   қала ҳәм районлардағы мәденият, спорт ҳәм туризм тараўлары ҳәм де жаслар ислери агентликлери хызметкерлери кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң басшылары қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер кәсиплик аўқамлары тәрепинен кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеп атырған хызметкерлерди, әсиресе, жасларды қоллап-қуўатлаў, олар ушын жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер, жумыс ислеўшилердиң мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды айрықша атап өтти.

Атап өтилгениндей, быйыл елимизде мийнеткешлердиң ҳақыйқый байрамы – кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы ҳәм 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни жоқары қуўаныш ҳәм көтериңки руўхта белгиленбекте.

Илаж даўамында кәсиплик аўқамлары белсендилери, нураныйлар ҳәм жаслар бирлескен комитеттиң Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Байрам илажында қатнасыўшылар дастурхан әтирапында өз-ара сәўбетлесип, пикир алысып, тәжирийбе алмасыў мүмкиншилигине ийе болды.

Илаж көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги