Таў-кән санааты бағдарында бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша келисим меморандумына қол қойылды

51

Таў-кән санааты ҳәм геология тараўы мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейди. Минерал шийки зат базасын беккемлеў, тәбийғый байлықларды нәтийжели өзлестириў ҳәм қайта ислеў процесслерине алдынғы технологияларды енгизиў тараўды жаңа басқышқа алып шықпақта.

Бул бағдарда халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, атап айтқанда, жетекши сырт ел компаниялары менен тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў да әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Усы мәниде, “China Coal Resources Development Group” компаниясы басшысы басшылығындағы делегация менен болып өткен ушырасыў тараўдағы бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Онда таў-кән санааты ҳәм геология министри Бобир Исломов ҳәм министрликтиң жуўапкер хызметкерлери “China Coal Resources Development Group” компаниясының басшысы Лю Гошен басшылығындағы делегация бирге ислесиў перспективалары ҳаққында сөз етти.

Тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў тек ғана көмир санааты емес, ал пүткил кәншилик тараўының раўажланыўына хызмет ететуғынын атап өтти. Соның менен бирге, энергия нәтийжелилигин арттырыў, экологиялық турақлы өндиристи тәмийинлеў ҳәм кадрлар потенциалын арттырыў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў да айрықша әҳмийетке ийе.

Ушырасыўда “China Coal Resources Development Group” пенен биргеликте көмир қазып шығарыў ҳәм қайта ислеўде заманагөй технологиялар тийкарында нәтийжелиликти арттырыў, инновациялар ҳәм трансформация бойынша алдыңғы технологияларды тараўға енгизиў бойынша пикир алысылды.

Тәреплер бирге ислесиўди кеңейтиў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм келешектеги байланысларды беккемлеў бойынша келисим меморандумына қол қойды.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, қол қойылған келисим меморандумы Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы экономикалық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, ол келешекте кәншилик тараўында инновациялық технологияларды енгизиў, өндирислик қуўатлықларын арттырыў ҳәм минерал ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўге тийкар жаратады.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА