Дүньядағы ең үлкен дизимге алыў илажы қай жерде өткерилген?

109

Елимизде “Өзбекстан Республикасында халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын өткериў ҳаққында”ғы Президент пәрманына бола, 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекем халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажы өткериледи.

Буннан мақсет мәмлекетимиздиң раўажланыў перспективаларын баҳалаў системасын жаратыў ушын зәрүр мағлыўматлар базаларын қәлиплестириўден ибарат. Яғный, халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў мәмлекеттеги халықтың саны, оның жыныслық ҳәм жас қурамы, социаллық жағдайы, бәнтлик дәрежеси, билимлендириў ҳәм турмыс дәрежеси ҳаққында толық ҳәм анық мағлыўмат жыйнаўда әҳмийетли орын ийелейди.

Соның менен бирге, аўыл хожалығындағы жер майданлары, ҳайўанлардың нәсили ҳәм саны, дийқан ҳәм фермер хожалықларының саны, өним ислеп шығарыў көлеми бойынша анық статистикалық мағлыўматлар топланады. Онда 26 миллион гектар аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў жағдайы үйрениледи. Шарўа маллары ҳәм қуслардың саны анықланады. Сол арқалы тараўға бағдарланып атырған бюджет қаржыларының нәтийжелилиги анықланады.

Қалаберди, бул илаж азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде де айрықша әҳмийетке ийе болып, топланған мағлыўматлар тийкарында бул бағдарда қандай зәрүр илажларды көриў керек екенлиги анықлап алынады.

Халықаралық тәжирийбеге итибар қарататуғын болсақ, дүньядағы ең үлкен дизимге алыў илажы Қытайда болғаны айтылады. Себеби Қытай ең көп халыққа ийе мәмлекет сыпатында халықты дизимге алыўға айрықша итибар қаратады. Мағлыўматларға қарағанда, Қытайда биринши халықты дизимге алыў 1953-жылы өткерилген. Ең соңғы дизимге алыў илажы болса 2020-жылы әмелге асырылған ҳәм ол дүньядағы ең ири статистика илажы сыпатында тарийхта қалған.

Қытайда халықты дизимге алыў даўамында миллионлап дизимге алыўшылар ҳәр бир үйди айланып, мағлыўмат жыйнаған. 2020-жылғы халықты дизимге алыўда болса Қытай бир қатар инновациялық қатнасларды қолланған.

Мәмлекетимизде де бул илажға қызғын таярлық көрилмекте. Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажында барлық шөлкемлер ҳәм уйымлар белсене қатнасады. Соның ишинде, “мәҳәлле жетилиги” системасында ислейтуғын хызметкерлердиң бул илажда қатнасыўы айрықша әҳмийетке ийе.

Ҳәзирги күнлерде усы әҳмийетли илажға пуқта таярлық көриў мақсетинде ўәлаятлар статистика басқармалары ҳәм район-қала статистика бөлимлери тәрепинен орынларда дизимге алыўшы хызметкерлерди таярлайтуғын тренерлер ушын оқыў-семинарлар шөлкемлестирилмекте. Семинарлар даўамында қатнасыўшыларға Президент пәрманының мазмун-мәниси, дизимге алыў процесиниң басқышлары ҳәм оның әҳмийети ҳаққында толық мағлыўматлар берилмекте. Сондай-ақ, дизимге алыўда пайдаланылатуғын мәлимлеме системалары, электрон сораўнамаларды толтырыў қағыйдалары ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигине байланыслы темалар бойынша да әмелий усыныслар берилмекте.

Бундай әмелий оқыў-семинарлар халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў процесин нәтийжели шөлкемлестириў, оны халықаралық стандартлар талаплары тийкарында әмелге асырыўға хызмет ететуғынын атап өтиў керек. Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў болса мәмлекетимиздиң келешектеги раўажланыўына хызмет ететуғын перспективалы режелерди дүзиў имканиятын береди.

ӨзА