Командамыз кубок жеңимпазы

105

Нөкис қаласында футбол бойынша ересеклер арасында «Кубок ийелери кубоги» республикалық турнири болып өтти.

Төрт күн даўам еткен бул турнирге мәмлекетимиздиң көплеген аймақларынан 9 команда қатнасты. Бул абырайлы жарыста республикамыз атынан Қарақалпақстан кубогиниң быйылғы жеңимпазы болған Ишки ислер министрлигиниң «МВД» командасы қатнасып, топар басқышы ҳәм ярым финал ойынларын көтериңки руўхта жуўмақлады.

Атап айтқанда, командамыз футболшылары топар басқышында Алмалықтың «ОКМК» ҳәм Самарқандтың «Каттақорған» командаларын жеңип, ярым финалда «Зиёкор» клубын 3:1 есабында артта қалдырыўға еристи.

Ал, турнирдиң финаллық беллесиўинде болса, Ферғана ўәлаятының «Яйпан» клубын 4:3 есабында жеңип, кубок жеңимпазына айланды.

Турнир соңында бир қатар номинациялар бойынша ең жақсылар анықланып, онда «Яйпан» дәрўазаманы Мирзоҳид Жалилов «Ең жақсы дәрўазаман», «МВД» футболшылары  Улуғбек Қәдирбердиев  «Ең жақсы қорғаўшы», Амир Абдразиев  «Ең жақсы топ урар», «Яйпан» ның және бир ағзасы Абдувосидхон Абдурашидов «Ең жақсы футболшы» деп табылды.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған кубок ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы