Қала қурылысында инновациялық технологияларды пайдаланыў бойынша көргизбели семинар өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қурылыста инженерлик излеўлер, геомәлимлеме ҳәм қала қурылысы кадастр жойбарлаў илимий-изертлеў институты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлиги менен биргеликте Нөкис қаласы Жаслар орайында “Қала қурылысы жумысында инновациялық технологиялардың қолланылыўы” атамасында аймақлық көргизбе ҳәм илимий-әмелий семинар өткерилди.
Онда қала қурылысы тараўына тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлердиң, кәрханалардың ўәкиллери қатнасты.
Онда “O‘zGASHKLITI” институты бас директоры Ю.Магрупов, “RIA INFORM SERVICE” директоры Т.Бессмертный, Техникалық сиясат ҳәм мәлимлеме тәмийнаты департаменти директоры А.Примов ҳәм басқалар «Қала қурылысы жумысында имаратлар, қурылмалар ҳәм инфраструктураларды жойбарлаў, қурыў, олардан пайдаланыў мәселелерин шешиўде заманагөй геомәлимлеме тәмийнаты технологиялары», «Қурылыс тараўында инновациялық технологиялар ҳәм олардың әҳмийети», «Қала қурылысы жумысын геомәлимлеме менен тәмийинлеўде орайласқан топографиялық мағлыўматлар базасының әҳмийети» сыяқлы темалар бойынша баянат жасады.
Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде қала қурылысы тараўы пүткил дүньяда жедел раўажланбақта. Алдынғы мәмлекетлердиң тәжирийбеси соны көрсетпекте, инновация ҳәм санлы технологияларсыз заманагөй қала орталығын жаратып болмайды. Геомәлимлеме системалары, BIM модельлестириў, ушыўшысыз дронлар, энергия үнемлеўши материаллар – булардың барлығы жаңа әўлад қалаларының тийкарғы тырнағына айланбақта.
Ҳүкиметимиз тәрепинен тараўды санластырыў, қурылыс сапасын қадағалаўды күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. 2025-жыл 12-февральда Министрлер Кабинетиниң “Қала қурылысы жумысын геомәлимлеме менен тәмийинлеў механизмин жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди. Усы қарар менен қурылысы жуўмақланған объектлерде атқарыўшы топографиялық съёмкалардың мәжбүрий орынланыўы белгиленди. Атқарыў топографиялық съёмкалары орынланбаған объектлер эксплуатацияға қабыл етилмейтуғыны белгилеп қойылды.
Ведомстволық бойсыныўы ҳәм мүлк түрине қарамастан, барлық шөлкемлер ҳәм кәрханалар тәрепинен әмелге асырылған ири масштаблы топографиялық сүўретлер “топография” мағлыўматлар базасына киргизилиўи, керисинше жағдайда усы топографиялық сүўретлерден пайдаланылған жумысшы жойбар ҳүжжетлерин экспертизадан өткериўге жол қойылмайтуғыны белгилеп қойылды.
Бул, бәринен бурын, орынланып атырған топографиялық жумысларды тәртипке салыў менен бир қатарда, жумыслардың сапасын арттырыўға, қурылған объектлердиң жойбарға муўапық орынланған ямаса орынланбағанлығын анықлаўға хызмет етип, имаратты эксплуатациялаў процесинде жүзеге келетуғын машқалаларды, әсиресе, жаңа қурылыслар процесинде коммуникация тармақларының үзилиўи, нызамсыз қурылыслар сыяқлы машқалаларды, коммуникация тармақларының қорғаў зоналарында объектлердиң қурылыўын сапластырады.
Исбилерменлик субъектлерин коммуникация тармақларына жалғаў ямаса аймақтың раўажланыў перспективаларын режелестириў сыяқлы қала қурылысы мәселелерин шешиўде тийкарланған оператив басқарыў қарарларын қабыл етиў имканиятын береди.
– Семинарымыздың мақсети – дүнья тәжирийбесинен келип шығып жаңа технологиялардан дурыс пайдаланыў, ушыўшысыз ушыў аппаратларынан пайдаланып жерлерди мониторинг етиў ҳәм бул аппаратларды жасалма интеллектке интеграцияластырыў, ҳәзирги жойбарластырыўшы хызметкерлерге жәҳән тәжирийбесинде жойбарлаўды көрсетиў. Жәҳән тәжирийбесинде бүгинги күнде сапаны ҳәм тезликти арттырыўға хызмет ететуғын ушыўшысыз ушыў аппараты кеңнен енгизилген. Ол арқалы алынған мағлыўматты 3D моделинде қайта ислеў арқалы бурын 2-3 ай даўамында исленген жумыслар бүгинги күнде бир ҳәпте ямаса он күнде питкериледи, – дейди “O‘zGASHKLITI” институты бөлим баслығы Муродбек Мирхайдаров. – Институтымыз тәрепинен Қарақалпақстанда жүдә көп жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Атап айтқанда, Қоңыратта 85 мың гектар аймақта самал электр станцияларын қурыў жойбары әмелге асырылмақта. Бул экологиялық таза өним алыўға, ҳаўаның патасланыўының алдын алыўға хызмет етеди.
Илаж аймақлық қәнигелестирилген көргизбе менен даўам етти. Онда қала қурылысы тараўында қолланылатуғын заманагөй әсбап-үскенелер, қурылыс материаллары, геодезия ҳәм инженерлик шешимлери, сондай-ақ, энергияны үнемлейтуғын технологиялар жыйналғанлардың итибарына усынылды.

– Қала қурылысында инновациялық технологияларды пайдаланыў бойынша көргизбели семинар болып өтпекте, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министриниң орынбасары, бас архитектор Азамат Уразымбетов. – Соңғы жыллары республикамыз аймағында алып барылып атырған қурылыс жумысларында ең соңғы үлгидеги инновациялық технологиялардан пайдаланыўды әмелге асырыў бүгинги күнде заман талабына айланды. Қала қурылысында топография, геодезия жумысларын алып барыўда пайдаланылатуғын усындай технологиялар көргизбемизден орын алған. Бүгинги илаж республикамызда алып барылып атырған қурылыс жумысларында ең соңғы инновациялық технологиялардан пайдаланыўды енгизиўге ҳәм бул арқалы қурылыстың сапасын, жеделлигин арттырыўға түртки болады, деп есаплаймыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги