Исбилерменлер менен ушырасыў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-октябрь күнги ПП-181-санлы пәрманы тийкарында шөлкемлестирилген, Президент Администрациясы баслығы тәрепинен тастыйықланған 47-санлы тапсырма протоколының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, ыссыхана жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлер менен ушырасыў өткерди.
Онда тараў ўәкиллери, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, сондай-ақ, ыссыхана жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлер қатнасты.
Ушырасыўда Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен Президент пәрманының әҳмийети, ыссыхана хожалықлары ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларға тоқтап, илаж қатнасыўшыларына толық мағлыўмат берди.
Өткерилген ушырасыўда исбилерменлер тәрепинен бүгинги күни ушырасып атырған машқалалар ҳәм усыныслар билдирилип, оларды шешиў бойынша жуўапкер шөлкемлердиң басшыларына тийисли тапсырмалар берилди.



Илаж жуўмағында ыссыхана жумысын және де раўажландырыў, жаңа инвестицияларды тартыў ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелерин енгизиў бойынша келисимлерге ерисилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги