Нөкис районында «Ақманғыт Турист» халықтың сейил етиў орны қурылады

Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары менен барлық тараўларда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бул бағдарда елимиздиң туризм потенциалынан еледе нәтийжели пайдаланыў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша әҳмийетли басламалар көтерилип, жаңа имканиятлар иске салынып атыр.
Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапары даўамында берилген тапсырмаларға тийкар Дослық каналының Нөкис районы аймағынан өтиўши бөлегинде жаңа жойбар қурылысы басланыў алдында тур.
Улыўма баҳасы 101 млрд. сум, соннан 45 млрд. сум бюджет қаржылары, 56 млрд. сум инвесторлар қаржылары есабынан қурылатуғын жойбар шеңберинде канал бойында «Ақманғыт Турист» халықтың сейил етиў орны шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Онда 24/7 түринде хызмет көрсетиўши ҳәм кеўил ашар орынлар, канат жолы, аква парклер, балалар майданшалары, дем алыў ҳәм саўда орынлары, зоопарк, ат шабар майданы, жайластырылыўы белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги