Президентимиздиң пәрман ҳәм қарарларының мазмун-мәниси халыққа жеткерилмекте

Мойнақ районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлары тийкарында берилип атырған имканиятлар ҳәм жеңилликлерди халыққа жеткериў бойынша ушырасыў болып өтти.
Оған район ҳәкими, орынбасарлары, район аймағындағы фермерлер, аўыл хожалығы тараўы ўәкиллери, мәҳәлле жетилиги, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Ушырасыўда Президентимиз тәрепинен қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы ушын әҳмийетли қарарлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-ноябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасында тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў есабынан Жаслар социаллық-экономикалық орайын қурыў илажлары ҳаққында”ғы, “Қарақалпақстан Республикасында дузды қайта ислеўди раўажландырыўға қаратылған илажлар ҳаққында”ғы ҳәм “Шарўашылық от-жем базасын жақсылаў ҳәм аўыл хожалығындағы бар ресурслардан нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында”ғы қарарларының мазмун-мәниси кең түрде түсиндирилди.
Усы мазмундағы ушырасыў Шоманай районында да өткерилип, онда район ҳәкими, районлық Ишки ислер бөлими баслығы, ҳәким орынбасарлары, мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендилери, сондай-ақ, район көлеминдеги барлық шөлкем ҳәм мәкемелердиң басшылары қатнасты. Мәжилис даўамында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәниси толық түсиндирилип, жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, қарарлардың орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў, оларды турмысқа енгизиў процесинде мәҳәллелер, жәмийетшилик ҳәм тийисли шөлкемлер арасында өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Қанлыкөл районында мәҳәлле жетилиги ағзалары, мәҳәллелердеги белсенди нураныйлар, көше басшылары, ҳаял-қызлар ҳәм белсенди жаслар, фермер хожалығы басшылары ҳәм райондағы барлық шөлкем ҳәм мәкеме басшыларының қатнасыўында өткерилген усындай ушырасыўда да Президент қарарларының мазмун-мәниси халыққа жеткерилип, жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды.
Мәжилисте район ҳәкими ҳәм басқалар Қарақалпақстан Республикасы халқы ушын берилип атырған имканиятлар бәринен бурын Өзбекстан Республикасы Президентиниң турақлы итибары ҳәм әмелий басламаларының нәтийжеси екенин атап өтти.

Илаж жуўмағында қарарларда белгиленген ўазыйпаларды орынларда нәтийжели әмелге асырыў бойынша илажлар белгиленди.
Орынларда усы мазмундағы ушырасыўлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги