Кекселер туризм айлығында нураныйлар менен саяхатлар

54

Елимизде ноябрь айы “Кекселер туризм айлығы” мүнәсибети менен бул айда кекселеримиздиң дем алыс ўақытларын қызықлы ҳәм мазмунлы шөлкемлестириў, аймақлар бойлап ишки туризм бағдарында саяхатларға тартыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, “Нураный” қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлими қәўендерлигинде усы мақсетте Беруний районынан 50 нураный ата ҳәм аналар ушын Хорезм ўәлаятының тарийхый Хийўа қаласына саяхат шөлкемлестирилди.

Саяхат даўамында кекселер Хийўа қаласының “Ийшан қала” тарийхый комплексиндеги 1830-1838-жыллардағы “Тас ҳәўли сарайы,” “Ҳүкимдар ҳәм шайыр” музейи, “Паҳлавон Маҳмуд” мақбарасы, “Қайтармыс ата” зыярат етиў орны ҳәм жаңадан қурылған Арда Хийўа менен танысты.

Олар ушын мәдений бағдарламалар ҳәм дем алыў ушын қолайлы шараятлар жаратылды. Шөлкемлестирилген бул саяхат кекселердиң дем алыўы, тарийхый ҳәм мәдений мийрасымыз бенен жақыннан танысыўы және оларға болған итибар ҳәм ҳүрметтиң және бир әмелий көриниси болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги