Көркем өнер дүньясына қәдем қойған кишкене жулдызлар

Ташкент қаласында Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшылары арасында «Жажжи нурли юлдузлар» фестивалының республикалық басқышы болып өтти.
Фестивальға мәмлекетимиздиң барлық орынларынан таңлаўдың аймақлық басқышларында жеңимпаз болған көркем өнерге қызығыўшы 5-7-жас аралығындағы бақша тәрбияланыўшылары қатнасып, бир неше номинациялар бойынша өз-ара жарысты.
Қызықлы өткен фестиваль жуўмағында, «Кишкене атқарыўшы» номинациясында Нөкис қаласындағы 55-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшысы Қоблан Буркитов, «Әжайып намалар» номинациясында Қоңырат районындағы 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшысы Жасмина Орақбаева екинши орынды ийелеўге миясар болды.
Ал, «Бабалар мийрасы» номинациясында болса, Қоңырат районындағы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң ҳәўескерлер топарына тең келетуғын қарсылас табылмады ҳәм олар бас сыйлық ийесине айланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы